Илимий конференция сапары

2019-жыл 10-11 октябрь күнлери  Ташкент қаласындағы “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине қараслы Репрессия қурбанларын еслеў  мәмлекетлик музейинде өткерилген   «XX  аср биринчи чорагида Туркистон миллий матбуот саҳифаларида ислоҳатчилик ғояларининг ёритилиши» атамасындағы Республикалық илимий-әмелий конференцияға Өзбекстан хәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы  профессоры Б.Қощанов, кафедра ассистенти  С.Алламуратова  «Влияние национальной печати Туркестана и Хорезма на пробуждение политической активности народов низовьев Амударьи в первой четверти ХХ века», усы кафедра  ассистети  Ҳ.Өтегенов «1916 йилғи халқ қўзғолаңларининг матбуотида ёртитилиши», университет қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры А.Қудияров «Қози Мауликнинг маънавий-маърифий ишлари ва қувғин қилиниши», музей экскурсоводы А.Алимбетов «Ўзбекистон худудида тамғо ва байроқларнинг пайдо бўлиши» атамасындағы баянаты менен қатнасып қайтты.

Университет профессор-оқытыўшылары баянатларында ХХ әсир биринши шерегиндеги Түркистан, Хорезм баспасөзиниӊ Әмиўдәрьяныӊ төменги ағысындағы халықлардыӊ сиясий  сана сезиминиӊ өсиўинде үлкен тәсири архив материаллары ҳәм еске түсириўлер негизинде ағартыўшы жәдидлерден Сейфулғабит Мажидов, Қазы Мәўлик Бекмухаммедов ҳәм басқалардыӊ искерлигин сәўлелендиретуғын тарийхый ўақыялар Өзбекстан жәмийетшилигине таныстырылды.

Сондай-ақ, конференция қатнасыўшылары музейтаныў тараўында қәнигелик тәжирийбе арттырырыў бойынша айтарлықтай нәтийжелерге ерсилди  деп есаплайман ҳәм бундай конференцияға қатнасыў ушын қолайлы имканиятлар жаратып берген университет басшыларына терең миннетдаршылық билдиремиз.

А.Алимбетов,

Музей хызметкери.

Пайдалы дереклер