Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларына илимий сапар

Усы жылдың 7-8-октябрь күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы  Репрессия қурбанларын еслеў музейи ис-режеси тийкарында  Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры А.Қудияров музей хызметкери А.Алимбетов, Өзбекстан хәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы ассистети Ҳ.Өтегенов, тарийх бағдары 3-курс студенти Д.Қаюмовлар республикамыздың Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларында илимий сапарда болып қайтты.

Сапар даўамында Шоманай районы Дийханабад АПЖ турғынлары 1985-1986-жыллары «Пахта иси» бойынша иркиўге алынған, сол жыллары пахташылықты раўажландырыўға хызмет еткен Рейимбай Аметов, Халмурат Тәжимуратов, Бахытжан Насыровлар менен ушырасып, олардыӊ усы дәўирдеги ҳуқық қорғаў уйымларыныӊ сораў-жуўап өткериўдеги, қамақханадағы жатырған ўақытлардағы көрген қыйыншылықлары жазып алынды ҳәм сол дәўирде өзлери турмыста жумыс бабында  пайдаланылған затлары, сүўретлери, қамаққа алынған ҳам ақланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлери, сондай-ақ, Рейимбай Аметов, Халмурат Тәжимуратовтыӊ ата бабалары да ескиден саўаты болғанлығы ушын 1930-жыллары репрессия болғаны туўралы мағлыўматлар жазып алынды ҳәм олардан ески араб тилинде жазылған китаплар музей фондына алынды.

Буннан басқа  Қанлыкөл районы  Киндик өзек АПЖ аймағында 1916-жылда түркмен басқыншылығына қарсы жергиликли халықларды корғаўда мәртлерше гүрескен Өтеш батыр Дәўлетназар улыныӊ қорғаны ҳәм қәбирлерине зыярат етилип, ол ҳаққында жергиликли халықлардан сол дәўридеги турмыс жағдайы, қорғанныӊ салыныў тарийхы тарийхый  мағлыўматлар жазып алынды.

Сапар даўамында топланған тәжирийбелер музей фондын байытыў менен бирге студентлердиӊ де келешекте адамлар менен қарым қатнас жасаў мәдениятын үйрениўде, ел арасынан тарийхый мағлыўматларды жыйнаўда үлкен әҳмийетке ийе болады деп есаплайман.

Дәўран ҚАЮМОВ,

Тарийх бағдарының 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер