Быйыл Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толады. Бул тарийхый ҳүжжетке көре, өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды.
Ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық салаларында – мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлераралық қатнасықлар, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жедел қолланылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа басқышы – миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, өзбек тилиниң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң, сондай-ақ, барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2008-жылы өзбек филологиясы факультетиниң шөлкемлестирилгени бул – өзбек тилиниң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў, және қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 4-октябрь сәнесинде имзалаған «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилгениниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың мәдений турмысында үлкен ўақыя болды.
Мине, усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық орынларында ҳәр қыйлы әнжуманлар, ушырасыў ҳәм түрли илажлар әмелге асырылырып келинбекте.
Усындай илажлардың бири, усы жылдың 19-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Тил бар екен – миллет мәңги жасайды» атамасындағы илимий-әмелий әнжуманы шөлкемлестирилди.
Әнжуманды университет ректоры А.Реймов ашып берди.
Онда Өзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Т.Романов, университеттиң өзбек филологиясы факультетиниң деканы Ф.Бабажанов, өзбек тил илими кафедрасының баслығы И.Казаков, шайыр Ә.Өтепбергенов, профессор Ш.Абдиназимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң әҳмийети, тил илимин раўажландырыў, оның тарийхый басып өткен жоллары ҳаққында жыйналғанларға атап өтти.
Әнжуман университет студент-жаслары тәрепинен таярлаған көркем-әдебий шығыўлары менен даўам етти.
Баспасөз хызмети.
