«Бес баслама – бес имканият» шеңбериндеги илаж 

Өзбекстан  Республикасы  Президенти  тәрепинен жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў  ҳәм  олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша көтерилген бес  басламаның  бесинши бағдары ҳаял-қызлар мәселеси болып  табылады.

Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў ушын қосымша имканиятлар жаратыў  мақсетинде студент-қызлардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм оларды әмелий  кәсип ийеси сыпатында тәрбиялаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап  айтқанда, қурылыс факультетинде бүгинги күнде 10 профессор-оқытыўшы ҳаял-қызлар жумыс ислеп, 135 студент-ҳаял-қызлар тәлим алмақта.

Олар арасында тийисли шөлкемлер қәнигелери қатнасында ҳәр қыйлы илажлар, спорт   жарыслары менен социаллық белсендилигин арттырыў, кәсипке  тарбиялаўға қаратылған   илажлар турақлы түрде әмелге асырылып барылмақта.

Усындай илажлардың бири, факультет ҳаял-қызлар кеңеси жанынан дүзилген «Қызларжан» клубы тәрепинен «Бес баслама – бес имканият»  атамасында болып  өтти.

Бул  илажда студент-қызлардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды   кәсипке тәрбиялаў мақсетинде студентлер жатақханасында факультет ҳаял-қызлары  арасында тигиўшилик, кестешилик, өнерментшилик пенен шуғылланыўы ушын  шеберлик  сабақларын  шөлкемлестириў  уйғарылды.

Студент-қызларды шаңарақ турмысына таярлаўды шөлкемлестириў бойынша  «Шаңарағым – мениң бахтым»,  «Шаңарақ – кишкене Ўатан», «Шаңарақта миллий  қәдриятлар әҳмийети»  атамаларында  өткерилетуғын  илажлардың  жол  карталары  ислеп  шығылды.

Сондай-ақ, «Шаңарақ  мектеби»  шеңберинде   студент-қызларымыздың  әдеби, тәрбиясы,  кийиниў мәденияты бойынша үгит-нәсиятлар берилди.

Факультет белсенди ҳаял-қызларынан «Имаратлар  ҳәм сооружениелер қурылысы»  кафедрасының  баслығы, доцент Гулзар Утегенова 2019-жыл  1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар» күни байрамы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан  Халық билимлендириў  ағласы» көкирек нышаны менен  сыйлықланды.

Сондай-ақ, «Имаратлар  ҳәм иншаатлар  қурылысы» бакалавр бағдарының 4-басқыш  студенти 2019-2020-оқыў жылында Беруний атындағы мәмлекетлик стипендиясының ийеси болған Нурсулыў Кенжебаевалардың жетискенликлери менен мийнетлери үлги  сыпатында  баҳаланды   ҳәм  олардың  пикирлери  тыңланды.

«Бес  баслама  – бес  имканият»  шеңбериндеги  илажларға  бәршени  белсене  қатнасыўға  шақырып қаламыз.

Қ.Бектурсынова,

«Қызларжан» клубының басқарыўшысы.

Пайдалы дереклер