2019-жылдың 11-15-октябрь күнлери аралығында Қытай Халық Республикасының Урумчи қаласында усы атамада өз-ара бирге ислесиў Симпозиумы болып өтти. Қытай Илимлер Академиясының Синьцзян Экология ҳәм География илимий-изертлеў институты тәрепинен шөлкемлестирилген илажға университетимиз делегациясы да белсене қатнасты.
Симпозиумның тийкарғы мақсети-Арал теңизи экологиялық машқаласын илимий жақтан үйрениў ҳәм оның унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша Қытай ҳәм Өзбекстан жоқарғы оқыў орынлары, илимий изертлеў институтлары ҳәм тийисли шөлкемлердиң бирге ислесиўин қоллап-қуўатлаўдан ибарат болып, илажға Ташкент ирригация ҳәм аўыл-хожалығын механизацияластырыў инжинерлери институты, Өзбекстан миллий университети, Өзбекстан илимлер академиясының Генетика ҳәм өсимликлер экпериментал биологиясы илимий-изертлеў институты, Ботаника илимий изертлеў институты, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы перспективалы технологиялар орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайынан басшы қәнигелер ҳәм илимий изертлеўшилер қатнасты.
Симпозиум төрт күн даўам етип, илаж шеңберинде «Арал теңизи регионы экологиялық машқаласы» атамасында дөңгелек стол сәўбети, «Биологиялық ресурсларды изертлеў ҳәм раўажландырыў», «Жер ҳәм топырақтан пайдаланыў», «Суў ресурсларын басқарыў ҳәм турақлы раўажланыў» атамаларында илимий секциялар өткерилди. Сондай-ақ, Синьцзян Экология ҳәм География илимий-изертлеў институты лабораториясына ҳәм «Турпан» тарийхый-мәдений естелигине саяхат шөлкемлестирилди.
Бул үлкен Симпозиумда университетимиз ректоры А.Реймов ҳәм Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы профессоры С.Мамбетуллаевалар университет ҳәм Арал теңизи экологиясы машқаласын үйрениўге бағышланған илимий баянатлары менен қатнасты.
Сондай-ақ, Арал экологиялық машқаласын илимий тәрептен үйрениў, биргеликте жойбарлар ислеў, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлерди өз-ара алмасыў бойынша пикирлер алмасты. Усы мақсетте Синьцзян Экология ҳәм География илимий-изертлеў институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети ортасында бирге ислесиў Меморандумы имзаланды.
Симпозиум жуўмағында барлық қатнасыўшы билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемелери, орайлар ҳәм шөлкемлер ортасында «Қытай ҳәм Өзбекстанның биргеликтеги Басламасы-Арал теңизин экологиялық қайта тиклеў бойынша» Урумчи Декларациясы қабыл етилди.
Баспасөз хызмети.
