Усы жылдың 16-октябрь күни ТАТУ Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейинде ҚМУдың физика факультети физика тәлим бағдары әмелиятшылары тәрепинен «Жас физиклер» кешеси шөлкемлестирилди.
Илажды лицейдиң руўхый ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары А.Аңсатбаева ашып берди.
Онда ҚМУдың психология ҳәм педогогика пәни оқытыӯшысы Ж.Асаматдинова, физика пәни оқытыӯшылары А.Муратов ҳәм Н.Айтымбетовлар қатнасты.
Кешени өткериӯден мақсет – академиялық лицей оқыӯшыларының интелектуал билим дәрежесин сынақтан өткериӯ ӽәм физика пәниниң әҳмийетин оқыӯшыларға көрсетиӯден ибарат болып, бул бағдарда оқыўшылардың билимлери сыннан өткерилди.
Кеше соңында 1-курслар арасында 101-топар «Ньютон» командасы оқыӯшылары жеңимпаз болды. Жарыс жуӯмағында болса топарлар сыйлықланып, жеңимпаз командаларға саӯғалар тапсырылды.
Мухтар Орынбаев,
Физика факултетиниң 4-курс студенти.
