Усы жылдың 23-октябрь күни Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде ата-аналар мәжилиси өткерилди.
Оған филология ҳәм тиллерди оқытыў (қарақалпақ тили) бакалавр тәлим бағдарының 1г-топарының студентлериниң ата-аналары қатнасты. Мәжилисти топар басшысы филология илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Сагидуллаева алып барды.
Мәжилисте факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў ҳәм руўхыйлық ислери бойынша декан орынбасары З.Жуманов қатнасып, ата-аналардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.
Ата-аналар мәжилисин өткериўдеги тийкарғы мақсет – 1-курсқа қабылланған студентлердиң ата-аналарын университет ҳәм оның ишки тәртип-қағыйдалары менен таныстырыў, перзентлериниң сабаққа қатнасы, сөйлеў ҳәм кийиниў мәденияты, жаслардың жетик қәнигелер ҳәм кәмил инсанлар болып жетилисиўинде бирге ислесиўге шақырыў болып табылады. Буның ушын топарда ата-аналар Кеңесин дүзиў ҳәм биргеликте үзликсиз жумыс алып барыў мәселелери қойылды. Студентлер турар жайында, ағайинниң үйинде, әсиресе, ижарада турыўшы студентлер менен тығыз ислесиў бойынша ата-аналар менен келисип алынды. Сондай-ақ, ата-аналарға студентлердиң билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў системасы, ЖООда мобиль телефоннан пайдаланыў тәртиби ҳәм басқа да мәселелер ҳаққында кең түсиниклер берилди.
Илажда ең тийкарғы мәселе – топарда «Куратор-студент-ата-ана» үшлигин пайда етиў ҳәм усы тийкарда тәлим-тәрбия процесин қадағалаўдан ибарат.
З.Жуманов,
Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.
