Лирик шайырдың юбилейине арналды

Бүгин Президентимиздиң тиккелей басламасы менен мәмлекетимизде көркем дөретиўшилик жолында пидәкерлик  хызмет еткен жазыўшы-шайырларымыздың машақатлы мийнетлерин қәдирлеў ҳәм мүнәсип баҳалаў бүгинги күнде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Усы көз-қарастан, көркем әдебиятқа өзиниң  өмирин, тәғдирин арнаған, оны жекке мәптен көре улыўмахалықлық мәп ушын хызмет етиўдей уллы мақсетлер жолында пидә еткен инсанлардың хызметлерин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға үлги тутыў үлкен  әҳмийетке ийе.

Қарақалпақ әдебияттының раўажланыўына өзиниң үлесин қосқан белгили шайыр, әдиўли устаз, пидайы инсан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Жийенбай Избасқанов 70 жасқа толды.

Усы мүнәсибет пенен, усы жылдың 26-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Лирика шебери» атамасындағы әдебий кеше болып өтти.

Кешени университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, профессорлар Қ.Жәримбетов, Қ.Оразымбетовлар, филорлогия илимлериниң кандидаты, шайыр Б.Генжемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги, оның қарақалпақ әдебиятында тутқан орны ҳаққында баҳалы пикирлер билдирип өтти.

Жийенбай Исбасқанов әдебият майданына шайыр сыпатында кирип келди. Оның терең мазмунға  қурылған бир қатар қосықларына әлле қашан намалар жазылып, көп ғана белгили атқарыўшылардың сүйип атқаратуғын қосығына айланған. Шайырдың айырым лирикалық қосықлары ҳәттеки: өзбек, рус тиллерине де аӯдарылған. Сондай-ақ, дүньяның классикалық әдебият үлгилерин қарақалпақ тилине шебер аўдармашылардан да есапланады.

Көрнекли шайыр Ж.Избасқанов өзиниң бир қатар қосыкларын оқыўшылар қәўимине усынды. Олардан «Тулпар ҳаққында» (1975-жыл), «Жаз өткенде» (1979-жыл), «Лирика дәптеринен» (1982-жыл), «Таңламалы шығармалары» (1993-жыл), «Ақ қуслар» (2014-жыл) ҳәм басқа да поэзиялық китаплары жарыққа шықты. Әлбетте, бундай уллы мәртебеге – шайырлық дәрежесине ерисиў инсанға аңсатлық пенен келмейди. Оған иләҳий бир талант болмаса шайыр болып жетилисиў, әлбетте, қыйын кешеди.

Шайырдың усындай дөретиўшилик мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы», 2000-жылы шайырдың «Сайланды шығармалары»ның 1-томы ушын Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған болса, 2005-жылы «Қарақалпақстан халық шайыры», ал, 2012-жылы «Өзбекстан халық шайыры» деген ҳүрметли атақлары берилди.

Әдебий кеше университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер