БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2019-жыл 28-ноябрь күни ана тилимизге мәмлекетлик тил бийлигиниӊ берилгенлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен «Қарақалпақ тил билиминиӊ әҳмийетли мәселелери» атамасында республикалық илимий-теориялық конференциясы өткериледи.
Конференцияда республика билимлендириў тараўы ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, илимпазлар, докторантлар, излениўшилер, магистрантлар, студентлер, сондай-ақ шет елли илим-билим ўәкиллери ҳәм басқа да қызығыўшылар қатнасыўы мүмкин.
Конференцияның мақсети: Қарақалпақ тилиниӊ тутқан орны, оны изертлеўдеги әҳмийетли мәселелер, тилимиздиӊ тазалығын сақлаў, газета-журналлар бетлеринде сөзлерди дурыс жазыў, республикалық анжуманлар, телевидение көрсетиўлери, радиоеситтириўлеринде сөз мәдениятын сақлаў.
Конференцияда төмендеги секция бойынша жумыс алып барады:
- Тил билими.
Конференция материалларын илимий мақалалар топламы түринде мәмлекетлик гриф пенен баспадан шығарыў нәзерде тутылған. Илимий мақалалар қарақалпақ тилинде жазылыўы керек.
Конференция материалларын рәсмийлестириўге қойылатуғын талаплар:
– илимий мақалалар конференцияның темасына ҳәм мақсетине сәйкес келетуғын актуаль, илимий анализленген ҳәм жуўмақланған пикирлерге тийкарланған ҳалда қағаз ҳәм электрон нусқада усынылады;
– илимий мақалалар 5-8 бет көлеминде, А4 форматтағы қағазда
14 кегель, 1,5 интервалда, жоқарыдан ҳәм төменнен, солдан ҳәм оңнан 2,5 см жийек қалдырып Times New Roman шрифтинде териледи;
– мақала атамасы бас ҳәриплер менен жазылады, тɵменинен еки бос қатар қалдырылып нәўбеттеги қатардан автордың исми, фамилиясы ҳәм келеси қатарда илимий дәрежеси, жумыс орны көрсетиледи. Буннан кейин еки бос қатар қалдырылып, жаңа қатардан текст жазылады. Текст ақырында бир бос қатар қалдырылып, пайдаланылған әдебиятлар дизими әлипбе тәртибинде келтириледи. Әдебиятлар библиография қәделери тийкарында жазылады;
– автор ҳаққындағы мағлыўматлар: телефон номери, электрон почта мәнзили көрсетилиўи тийис;
– файл атамасы автор фамилиясы менен кɵрсетилиўи керек. Текст астын сызыў, бас ҳәриплер менен жазыў, бос орын қалдырыў усыныс етилмейди;
- студентлер ҳәм магистрантлардың мақалалары илимий басшының жуўмақлаўшы пикири ҳәм текст соңына көрип шыққанлығын тастыйықлайтуғын имзасы менен қабыл етиледи.
Конференцияда қатнасыў шәртлери:
- конференцияда қатнасыў ушын секция аты көрсетилген ҳалда мақала текстин жоқарыдағы талапларға муўапық таярлап, sharap_05@mail.ru электрон мәнзили арқалы 2019-жылдың
15-ноябрине шекем шөлкемлестириў комитетине жибериўиңиз соралады.
Шөлкемлестириў комитети мақалаларды таңлаў ҳуқықына ийе. Мақаладағы келтирилген мағлыўматлар ҳәм пикирлердиң анықлығына, қәтесиз жазылыўына автордың өзи жуўапкер.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, 1-жай, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, 2-бина, 3-қабат, 317-хана.
Телефон: +998975086690
Телеграм: +998975086690