Бизлер билимлендириў тараўындағы коррупцияға қарсымыз!

Соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ис-илажлар, бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы иммунитетти қәлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар көрилди. Бундай илажларды әмелге асырыўда Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары да белсене қатнасып келмекте.

Атап айтқанда, 2019-2020-оқыў жылының басында университетимиздиң юридика факультети ҳуқықтаныў кафедрасы жанында шөлкемлестирилген «Коррупцияға қарсы үгит-нәсият клубы» ағзалары тәрепинен усы жылдың 25-октябрь күни университеттиң өзбек тили филологиясы факультети, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, сондай-ақ, шет тиллери филологиясы факультетлеринде коррупция түсиниги ҳәм мазмуны, оның жынайый, ҳуқықый ақыбетлери, соның менен бирге коррупцияның алдын алыў профилактикасы бойынша кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылды.

Үгит-нәсият жумысы шеңберинде өткерилген илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған саўаллар менен мүрәжат етип, студент-жаслар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тыңланды.

Д.Хабибуллаева,

Юридика факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер