Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өткен жылдың 20-ноябрь күни нефть-газ санаатындағы жумыслар жағдайын үйренип шығыў ҳǝм бул тараўды жǝне де раўажландырыў мǝселелерине бағышланған мǝжилисте тараўда ислениўи керек болған жумысларға кең түрде тоқтап өткен еди.
Нефть-газ санааты мǝмлекетимиз экономикасында ǝҳмийетли орын ийелейди. Бул тараў тек ғана энергия ислеп шығарып қоймастан, көпшилик тармақлар ушын зǝрүр болған полимерлер, органикалық затлар ҳǝм де азотлы минерал төгинлер өндирисинде тийкарғы шийки зат базасы болып есапланады. Кейинги еки жылда тараўда ǝмелге асырылған реформалар нǝтийжесинде газ қазып шығарыў көлеми 10 процентке артты, халыққа табийғый газ 15 процент ҳǝм суйылтырылған газ 1,6 мǝртебе көп жеткерип берилди. Усы дǝўирде нефтти қайта ислеў заводларында қосымша 204 мың тонна нефть өнимлери ислеп шығарылып, ишки базарда бензин, дизель жанылғыларына болған талап қанаатландырылып келинбекте.
Шортан ҳǝм Үстирт газ-химия комплекслеринде өткен жылдың өзинде газге салыстырғанда 4 есе көп болған шама менен 700 миллион долларлық полиэтилен ҳǝм полипропилен ислеп шығарылады.
Усы жылдың 28-октябрь күни санаат технологиясы факультети студент-жаслары арасында «Нефть ҳам газ санаатының перспективалы жоллары» атамасында ушырасыў болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Н.Мырзамуратов, И.М.Губкин атындағы Россия мǝмлекетлик нефть ҳǝм газ университетиниң доценти, т.и.к., илим ҳǝм техника тараўында Россия Федерациясы мǝмлекетлик сыйлығының лауреаты А.Деньгаевлар қатнасты.
Семинарды факультет деканы Р.Қурбаниязов ашып берди ҳәм басқарып барды. Дǝслеп, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Н.Мырзамуратов студентлерге республикамыздағы нефть, газ тараўындағы алып барылып атырған реформалар, ондағы түрли мазмундағы жаңалықлар, республикамыздағы қазылма байлықларды рационал пайдаланыў барысында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында студент-жасларға кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
Буннан соң, И.М.Губкин атындағы Россия мǝмлекетлик нефть ҳǝм газ университети доценти, т.и.к. А.Деньгаев студент-жасларға нефть ҳǝм газдиң ǝҳмийети, оның мǝмлекет экономикасындағы тутқан орны, Өзбекстан ҳǝм Россия мǝмлекетлеринде нефтлик шийки затларды геология-қыдырыў, қазып алыў, байытыў ҳǝм қайта ислеў бойынша изертленип атырған илимий жумыслар, ислеп шығарыўға енгизилип атырған жаңа технологиялар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Семинар даўамында усы ҳәм басқа да мазмундағы пикирлер билдирип өтилди. Студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Ш.Мусиров,
Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.