Теория хам әмелият бирлигин тәмийинлеӯ жоқарғы тәлим нәтийжелилигин арттырыӯдыӊ халыкаралық тажрийбеде сыналған усылларыныӊ бири.
Әмелияттыӊ хәр қандай түри тәжрийбели кадрлар таярлаӯдыӊ ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бердак атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы 1-санлы академиялық лицейинде шет-тиллер факультети инглис тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 4-курс студентлери тәрипинен әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кешеде дүнья әдебиятының ири ўәкили У.Шекспирдиң дөретиўшилиги, оның дүнья әдебиятының раўажланыўына қосқан үлеси, жазыӯшыныӊ өмири ҳаққында қысқаша видеороликлер, оның драмаларынан эпизодлар лицей оқыўшы-жаслары тәрепинен сахналастырылды.
Д.Джумамбетова,
Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистент-оқытыўшысы.
