Биология факультети 4-а “Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў” тәлим бағдары студентлери педагогикалық әмелият даўамында 2019-жыл 30-октябрь күни Нөкис қалалық ХББ не қараслы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Тәбият – улыўма үйимиз” атамасында кеше өткерди.
Кеше еки басқышта алып барылды. Биринши басқыш – “Жас биологлар” темасында сораў-жуўап өткерилди ҳәм екинши басқыш – “Биз тәбият жуўапкеримиз” ураны астында дала сейили шөлкемлестирилди.
Кеше соңында белсенди қатнасқан оқыўшылар хошаметленип, оларға ҳүрмет жарлықлар менен бирге естелик саўғалар тапсырылды.
Қ.Турдыбаев,
Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының стажёр-оқытыўшысы.
П.Тлепбергенова,
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў қәнигелигиниң студенти.
