Пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан байрақлары орнатылған майданшада 18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгениниң 28 жыллығына бағышланған «Байрағымыз-мақтанышымыз» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Илажға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң басшылары, профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларынан ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан халық артисти М.Азизов, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Юсупов, ҚМУ магистранты С.Утебаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз нышанлары, соның ишинде, байрағымыздың әҳмийетине тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жыл 18-ноябрьде болып өткен гезексиз VII сессиясында «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Быйыл усы Нызамның қабыл етилгенине 28 жыл толды.
Ҳәр бир мәмлекеттиң байрағы-сол мәмлекет суверинитетиниң тымсалы болып есапланады. Өзинде миллий-мәдений дәстүрлерди жәмлеген байрақ делегациямыздың сырт еллерге сапары ўақтында, халықаралық майданлардағы түрли илажларда, спорт жарысларында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик белгиси сыпатында бәлент желбиреп келмекте.
Азат ҳәм абат, еркин және абадан елимиздиң байрағы бәлентлерде желбирей берсин!
Баспасөз хызмети.
