Әдебияттаныў илиминиң қайсар «уғланы»

Не ушын мақаламызға усылай ат қойдық. Себеби, узақ ўақытлардан берли өз үстинде тынбай изленип, әдебияттаныў илиминде жумыс ислеўден жалықпай киятырған усындай бир пидайы илимпаз ҳаял бар. Оның аты – Огулбай. Фамилиясы – Гайлыева.  Биз оның жумыслары менен жақыннан танысып шықтық. Ол «Ғәрезсизлик дәўириндеги түркий халықлар лирикасында формалық изленислер ҳәм олардың типологиясы» өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебияты мысалында  салыстырып изертлеген. Ҳәзирги ўақытта ол Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Түркмен тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы (DSC), доцент лаўазымында ислеп атыр. Биз илимпаз  ҳаққында тоқтап өтиўди мақул көрдик. 

                                            *                     *                        *

«Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасында формалық изленислер ҳәм олардың типологиясы (өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебияты мысалында)» атамасындағы илимий жумысы ушын филология илимлериниң докторы илимий дәрежесин алған ҳаслы хожелиши Огулбай Гайлыева әйне 42 жасында. Ол 29 жасында профессор, филология илимлери докторы Қуўанышбай Оразымбетовтың басшылығында «Ҳәзирги қарақалпақ поэзиясында аралық формалардың жанрлық ҳәм формалық қәсийетлери» темасында кандидатлық диссертациясын қорғаған. Буннан кейинги дәўирде 40 тан артық илимий жумыслары (соннан 6 оқыў қолланба, 30дан артық илимий мақалалар ҳәм тезислер) республикалық ҳәм халықаралық илимий конференциялар топламларында басылып шыққан.

Усы мийнетлериниң жемиси болған «Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасында формалық изленислер ҳәм олардың типологиясы (өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебияты мысалында)» атамасындағы докторлық диссертациясын жазыўда үлкен илимий жумысы сыпатында ортаға келтириўде азы кем 10 жылға шамалас ўақыт сарп еткен. О.Гайлыева өзиниң  мақалаларын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация комиссиясы(ЖАК)тың талабына бола Македонияда, Ашхабадта, Түркия, Украина, Қазақстан сыяқлы шет еллер илимий журналларында жәриялаған  ҳәм Ташкенттен, Бухарадан, Ургеништен шығатуғын абыройлы илимий журналлар да жәриялады. Сондай-ақ, оның илимий мақалаларынан, монографиясынан 2018-жылда Түркияның Карабук университетинде өтилетуғын «ТЕD103 Halk Edebiyati Giris I», «TED203 Halk Edebiyati I», «TED303 Halk Edebiyati III», «TED403 Halk Edebiyati V» пәнлерин оқытыўда пайдаланылды, және де түркий халықлар лирикасында жаңа лирикалық формалардың көркем-эстетикалық қәсийетлери ҳәм олардың типологиялық жақтан уқсаслығы жөниндеги нәтийжелер Қазақстан Республикасының М.А.Әўезов атындағы Әдебият ҳәм өнер институтында орынланған «Қазақстан әдебияты ҳәм өнеринде «Руўхый раўажланыў» концепциясы» темасындағы инновациялық изертлеў жойбарын әмелге асырыўда да пайдаланылған. Усындай илимий мийнетлери менен танысқан түркмен алымы Түркменстан Илимлер Академиясының Мақтымқулы атындағы Тил, әдебият ҳәм миллий қолжазбалар институтының бас илимий хызметкери, филология илимлериниң докторы Ахмет Маммедов усы жылда, яғный Ашхабадтағы «Түркмен дүньясы» газетасының 2019-жыл 25-июль санында “Әдебий байланыс – үш әдебият мысалында” мақаласында О.Гайлыеваның илимдеги хызметине төмендегише  баҳа берген: Оның бул жаңа, изертлеў жумысында поэзияның теориясы мәселелерине, дүня халықларының әдебияттаныў илими, соның менен бирге өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебиятларында да кейинги ўақытларда айрықша итибар берилетуғыны, бирқанша әдебиятларда нәзерге алынған теманың кең ҳәм терең изертленгени белгиленеди. Илимий жумыста бул әдебиятлардың тарийхый байланысларына да нәзер тасланады.

 Диссертацияныӊ темасы менен байланыслы О.Гайлыева ортаға қоятуғын пикирлерин Атамырат Атабаев, Режепгелди Межиков, Агагелди Алланазаров, Ахмет Маммедов, Лаура Максимова сыяқлы түркмен шайырларының шығармаларын мысалға келтирип пикирлерин тастыйықлайды. Мәселениң тарийхына, түркмен әдебиятында, мәселен, Мақтымқулының дөретиўшилигинде 10, 11,12 қатарлы классикалық қосық формаларының ушырасатуғынлығына итибар береди. Өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен әдебиятында Ғафур Ғуламның, Абдулла Ариповтың, Бердақтың, Әжинияздың, Керим Қурбаннепесовтың, Гурбанназар Эзизовтың дөретиўшилигине Мақтымқулыдағы сол классикалық қосық формаларының тәсириниң болғанлығы белгиленеди.

 О.Гайлыева аралық ҳәм еркин қосық формалары ҳаққында сөз етип, буған мысал ретинде  Нобатгулы Режепов, Атамырат Атабаев, Ағагелди Алланазаров, Амангелди Аманов сыяқлы түркмен шайырларының қосықларынан мысал келтиреди. Киши лирикалық қосықлар (бәнт, еки қатарлы ҳәм т.б.) ҳаққында айтылғанда болса, бул формалардың түркмен шайыры Қақабай Илясовтың дөретиўшилигинде кеңнен ушырасатуғынлығын белгилейди ҳәм олар илмий изертлеўге тартылады.

 Жумыста ең жаңа қосық формалары  ҳаққында да тоқталған. Бул жерде өзбек, қарақалпақ шайырларының қатарында Аннаберди Агабаевтың қосықларының анализине кең орын берилген. Улыўма айтқанда, О.Гайлыева бул үш туўысқан халықтың әдебият үлгилерин жақсы биледи. Бул оның түркмен алымларының ҳәм шайырларының илимий ҳәм поэзиялық шығармаларынан өз орнында орынлы пайдаланғаны менен көзге тасланады. Бул жумыстың бизиң ушын ең әҳмийетли тәрепи, түркмен поэзиясының улыўма түркий, соның менен бирге өзбек, қарақалпақ поэзиясы менен бирге сыбайлас, тең раўажланып киятырғанын көрсетип береди. Буннан көринип турғанындай, О.Гайлыеваның мийнетлерине қосылу түркмен әдебиятлары да қызығыўшылық билдирип атырғанына мысал болады.

Шынында да илимий кеңес 2019-жылдың 28-июнь күни болып өткен мәжлисинде өзбек-түркмен әдебий байланысларын өзбекстанлы илим докторлары ҳәм профессорлар Насимхан Раҳманов, Исламжан Якубов, Сапарбай Розымбаев, Баҳадыр Каримов, Зияда Утеповалар да Огулбайдың жумысын қоллап қуўатлады. Сондай-ақ, еки қоңсы халықтың мәмлекет Басшыларының биреў-биреўге болған жақсы көз қараслары, пикирлеўлери, беккемленип атырған дослықты байланыслар, мүнәсибетлер ҳаққында кең айтылып өтилди.»

Огулбай Гайлыеваның докторлық диссертациясының жақлаўына рәсмий оппонентлердиң биреўи ретинде Ахмет  Маммедов та қатнасты ҳәм илимий жумыстағы түркмен әдебиятына тийисли пикирлердиң әдебиятлардың улыўма раўажланыўына пайдалы екенлигин белгилеп көрсетти.

О.Гайлыева ҳәзирги  ўақытта түркмен филологиясы тәлим бағдары студентлерине өз қәнигелиги бойынша терең билим бермекте. Себеби, бул жерде шет елден, яғный Түркменстан Республикасынан да студентлер шәртнама тийкарында билим алмақта. Соның ушын, ол  жақсы педагог сыпатында тәжрийбели, кәмил жасларды тарбиялап, билим бериў тараўында  тынбады. “Устаз-шәкирт” бағдарында талантлы студентлер менен шуғылланып,  түркмен тили  ҳәм әдебияты кафедрасында “Жас филолог” илимий дөгерегине басшылық етеди. О.Гайлыева илимий-педагоглық искерлиги менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплеринде ана тили ҳәм әдебияты пәнин оқытыў методикасы бойынша  оқыў тренинг  ҳәм семинарлар шөлкемлестиреди.  Соны айрықша атап өтиў керек, О.Гайлыева өзи алып барған илимий-изертлеў жумыслары нәтийжелерин университеттиң тәлим-тәрбия процессине енгизген педагог алым. Оның жекке авторлығындағы ҳәм автор-шериклигиндеги «Түркмен әдебияттаныў тарыйхы»(Т. Керуенов. 2009-ж. «Қарақалпақстан» баспасы), «Тассаўиф ҳәм классикалық поэтиканиң тийкарлары»(2009-ж. «Қарақалпақстан» баспасы), «Поэмалық шығармаларды оқытыўдың айырым усыллары»(2013-ж. «Билим» баспасы), «Әдебияттаныў тийкарлары»(С.Жапбарова. 2015-ж. «Қарақалпақстан» баспасы), «Ҳәзирги түркмен әдебий тили»(2019-ж. «Қарақалпақстан» баспасы) атлы оқыў қолланбалары, басқа илимий-изертлеў жумысының нәтийжелери университеттиң түркмен филологияси тәлим бағдарының студентлерине әдебият теориясы, ана тили ҳәм әдебият оқытыў методикасы курсларын оқытыўда пайдаланылмақта.

Көрсеткен пидайы хызметлери  ушын өзи мийнет ететуғын Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ҳәқимлиги ҳәм Нөкис қалалық мәнаўий үгит-нәсиятлаў бөлими тәрепинен бир неше мәрте “Ҳүрмет жарлық”, “Алғыснама”  менен сыйлықланған. Мәселен, 2016-жылда «Саламат ана ҳәм бала жылы» мүнәсибети менен кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде искерлик көрсетип атырған жумысшы ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын дене-тәрбия ҳәм спорттың ғалабалық түрлерине қизығыўшылығын асырыў, саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў арқалы өз саламатлығына жуўапкершилик сезимин асырыў мақсетинде «Саламат шаңарақ» ураны астында өткерилген шаңарақлық спорт жарысларының жоқары оқыў орынлары арасында «Ең бирликли шаңарақ» номинациясы бойынша диплом менен сыйлықланған. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2016-жыл “Жоқары оқыў орнының ең жақсы педагогы” улыўма республика таңлаўында «Инновация ҳәм ахборот технологияларын қоллайтуғын ең жақсы педагог»  номинациясы жеңимпазы, сондай-ақ, 2017-жылы усы таңлаўдың «Инновация ҳәм информация технологияларынан пайдаланыў бойынша ең жақсы педагог» номинациясы жеңимпазы болды ҳәм республикалық басқышында табыслы қатнасты.

Илимпаз болып, белгили теманы таңлап ол туўралы мақалалар жазып изертлеў де аңсат емес. Мине, усындай машаққатлы мийнеттен қашпастан ақырына шекем барып, бүгинги күнде филология илимлери докторы О.Гайлыева менен сәўбетлескенимде ол бул илимий жумысы, оның шаңарағына болған тәсири ҳаққында толқынланып былай деди: «Диссертация жумысымды жазыўымда көп қыйыншылықларды, машақатларды жеңип өтиўиме туўра келди. Себеби, ҳаял адам болғанлығым ушын илимий жумыс алып барыўымда қосымша турмыслық қыйыншылықларда гезлести, әлбетте. Үйде үй бийкеси болыўым, жумыста педагог, илимий жумысымда изертлеўши болыўым тийис. Бирақ, қудайға шүкир, Аллатааланың маған инәм еткен мийнеткешлиги, илим-билимге умтылысым барлық қыйыншылықларды жеңиўиме күш-қуўат болды десем қәтелеспеймен. Өткен жылдан бери илимий жумысым менен көп айналысыўға ҳәрекет еттим, ҳәтте буған өзимди мәжбүрледим, десем де болады. Себеби, әзиз анажаным биймезгил көз жумғаннан кейин көз алдымда  анажаным елеслей берди. Сол барлық сағынышларды аз болса да умытыў ушын докторлық диссертацияға итибар берип, соны жазатуғын болдым. Илимий жумысым көп қайғы-ғамды жеңиўиме себеп болды.

Соны да атап өтиўим керек, табыслырға ерисиўимде әсиресе әкем, және өмирлик жолдасым Турғанбай Керуеновтың да үлкен жәрдеми бар. Ол маған түсинеди. Өзи де филология илимлериниң докторы, 2016-жылда жақлады. Сонлықтан, мен үйге келип, компютердиң алдына отырып, илимий жумысымды жазыўды басласам, балаларыма «анаңыз ҳәзир жумыс ислеп атыр. Қасына бармаң! Не мәселе болса, маған айтың» деп, оларды өз қасына отырғызатуғын еди. Буларды балларым сынап жүреди екен. Бирақ мен илимге қызығып оларға итибар бермегенмен. Бир күни диссертациямды жазып болып, үйге, балларыма итибарым жақсы болған шығар да, үлкен Мекан деген улым дастурхан басында «Аға-аға, бүгин анамыз виртуал дүньядан реал дүньяға қайтты я?» деп сөйлегенде мен не айтарымды да билмей қалдым. Мине, илим дегенниң қыйыншылықлы жоллары. Бирақ, қудайға шүкир, Аллатаала күш-қуўат берсе, мен бул қыйыншылықларды жеңиўге ҳәрекет етемен. Елимиздиң илим-билимин раўажландырып, дүнья дәрежесинде Өзбекстан мәмлекетиниң даңқын жоқары шоққыларға шығарыў жолында шаршамайман. Келешек қурыўшылары болған жасларымызға илим-билим үйретиўде ҳеш ўақыт шаршамай, шәкиртлер таярлаўға ҳәрекет етемен.»

 Биз илимпаздың илимге бағдар алғанлығы ҳаққында сорағанымызда, ең әўели ол өзиниң әкесин биринши тилге алды ҳәм устазларынан профессор Қ.Оразымбетов, өзбек әдебияты бойынша әдебиятлар менен танысыўында филология илимлери кандидаты И.Қурбанбаев, түркмен әдебияты бойынша профессор Қ.Қурамбаевлардың хызмети көп екенлигин айтты. Себеби, олар усы үш әдебият бойынша кең мағлыўматларды, шайырлардың қосықлар топламларын топлаўында кеңнен жәрдем бергенлигин белгиледи.

Қулласы, О.Гайлыева ҳаққында айтылатуғын гәп көп. Студент жасларға жалықпастан билим берип атырған илимпаз ҳаққында қанша айтсаң да аз. Лекин, биз Огулбай Гайлыева туўралы, илимий жумысы ҳаққында аз болса да мағлыўматларды бере алдық деп ойлаймыз. Филология илимлериниң докторына болса алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Т.Машарипова,

ҚМУ доценти (PhD).

С.Темирханова,

Журналистика бөлиминиң 1-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер