Ана тилим – алтын ғәзийнем

Жақында қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-е курс студентлери топар басшысы А.Өтемисовтың басшылығында 1-декабрь – «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик бийлиги берилген күни»не арнап «Ана тилим – алтын ғәзийнем» атамасында байрам кешесин өткерди.

Байрам кешесин өткериўден мақсет – студентлер арасында қарақалпақ тил байлығын жетилистириў, ой-өрисин өсириў, еркин пикир айтыў уқыплылығын раўажландырыў, ана тилимизге, халқымыздың миллий қәдириятларына муҳаббат сезимлерин арттырыўдан ибарат.

Кешени қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы, доцент А.Досымбетова ашты. Кешеде  Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ кызы» романы тийкарында сахналық көринис, бир биринен қызықлы әжайып викторина ойынлары өткерилди ҳәм «Ана тилим – алтын ғәзийнем» темасында баянатлар оқылды.

Студент-кызлардың атқарыўындағы «Қыз Минайым» қосығы  ҳәм миллий аяқ ойыны тамашагөйлерге эстетикалық заўық бағышлады. Байрам соңында факультетимиздың жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов шығып сөйлеп, байрам кешесин шөлкемлестирген студент-жасларға миннетдаршылык бидирди.  

Г.Бекмуратова,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер