«Ең белсенди китапқумарлар» топары

Жақында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 450-санлы буйрығына тийкарланып «Ең белсенди китапқумарлар топары» руўхый-ағартыўшылық таңлаўына биология факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасыныӊ 1,2,3- курс студентлеринен ибарат 3 команда қатнасты.

Олар китап авторларынан дүзилген 3-курс биология топарларынан «Ибрайым Юсупов», 2-курс биология топарларынан дүзилген «Кеңесбай Рахманов» ҳәм 1-курс биология топарларынан дүзилген «Саид Ахмад» командалары усы дөретиўши тулғалар ҳаққында толық мағлыўматлар берип, олардың шығармаларын монологлар оқып, шығармалардан қысқаша үзиндилер қойып берди.

Бул көринислер төрешилер ағзалары тәрепинен баҳаланып барылды. Таңлаў шәртлери бойынша командалар жақсы таярлықлар менен шығып тамашагөйлер тәрепинен қоллап-қуўатланды. Ҳәр бир команданың шығыўында сол таңлаў тамашагөйлери бир китап оқып шыққандай болды десек асыра айтқан болмаймыз.

Таңлаў нәтийжелери бойынша ең белсенди китапқумарлар сайланды командасы дүзилди.

И.Арепбаев.

Пайдалы дереклер