Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша усыныс еткен 5 әҳмийетли басламасы тийкарында орынларда түрли илажлар өткерилип келинбекте.
Усындай илажлардың бири университетимиздиң Санаат технологиясы факультети студентлери арасында спорттың мини футбол түри бойынша ер балалар арасында «Факультет бириншилиги» ушын жарыс болып өтти. Жарысты өткериўден мақсет – жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олар арасында саламат турмыс тәризин ең жайдырыўға қаратылған.
Илажда факультет студентлеринен дүзилген жәми 14 команда қатнасты.
Илажды факультет деканы Р.Қурбаниязов ашып берди. Буннан соң факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш.Мусиров ҳәм дене тәрбия пәни оқытыўшысы Р.Машариповлар сөзге шығып, 5 әҳмийетли баслама шеңберинде өткерилип атырған бул илаждың әҳмийетине кеңнен тоқталып өтти ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи. Жарыс жүдә қызықлы өтти.
Жарыс жуўмағында факультеттиң 2-б,с нефть-газ топарынан дүзилген команда жеңимпаз деп табылды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, 2-орынды 3-а нефть газ, 3-орынды 2-а нефть-газ топарларынан дүзилген командалар ийеледи, бул командаларғада диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Гөззал Жалгасова,
Санаат технологиясы факультети студенти.
