Қарақалпақ тилиниӊ шет тиллери әлеминдеги орны

Бердақ  атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университети мәлимлеме-ресурс орайыда  1-декабрь – «Қарақалпақ тилине мәмлекетлик бийлиги берилген күни»не арнап «Қарақалпақ тилиниӊ шет тиллери әлеминдеги орны» атамасында ушырасыӯ ҳәм көргизбе кешеси өткерилди. Кешени өткериӯден мақсет – студентлер арасында қарақалпақ тил байлығын жетилистириў, ой-өрисин өсириў, еркин пикир айтыў уқыплылығын раўажландырыў, ана тилимизге, халқымыздың миллий қәдириятларына муҳаббат сезимлерин арттырыўдан ибарат.

Кешени  мәлимлеме-ресурс орайы директоры Н.Шаригатова ашып берди ҳәм миллеттиӊ экономикалық илимий техникалық мәдений жақтан раӯажланыӯын илгерлетиӯде, оныӊ руӯҳый байлықларын сақлаӯда тилдиӊ  әҳмийети ҳаққында айтып өтти. Университет филология факультетиниӊ немис тили оқытыӯшысы А.Жумамуратов шығып сөйлеп, студент-жасларға усындай жаратылып атырған имканиятлардан кеӊ пайдаланыӯ кереклигин айтып өтти. Мәлимлеме-ресурс орайы қанигелери Ш.Нәӯбетова   «Инсан неше тилди үйрениӯ мүмкин?» методикалық қолланбалар, А.Алучиев «Информация, оны қабыллаӯ ҳәм жеткериӯ» презентация жумысларыМ.Даӯлетмуратова «Қарақалпақ халық нақыл мақаллары»   атамаларында  сораӯ-жуӯап викториналары шөлкемлестирилди.

Студент-жаслар көргизбеге қойылған унивеситет профессор-оқытыӯшыларының баспадан шыққан сабақлық ҳәм оқыӯ қолланбалары, газета-журналлар, шет тилиндеги оқыӯ қолланбалар менен танысты. Көргизбеге қойылған китаплар бойынша мәлимлеме-ресурс орайының қәнигелери Ж.Жуманиязова, А.Досжанова, Д.Тлеӯимбетова, З.Ималатдиновалар библиографиялық шолыӯ жасады.

Кеше соӊында  немис тили ҳәм әдебияты қәнигелиги студентлери Д.Жиенбаева, М.Жуманазарова, С.Қулмуратова, Р.Бердиева, Р.Қарлыбаев, Ф.Хасанбаевалар қосық қатарларынан үзинди, сахналық көринис, миллий аяқ ойынлары менен белсене қатнасты.

Мирхан Даӯлетмуратова,

Университет Мәлимлеме-ресурс орайының қәнигеси.

 

Пайдалы дереклер