Ҳәр таң мәмлекетимиз гимни жаңлаған ҳалда жаңа күнди күтип алар екенбиз, көз алдымызда сол айдын күнлер көрине баслайды. Оның ҳәр бир терең мәниге ийе қатарлары, өзгеше ҳәм инсанды өзине тарта алатуғын, қәлбимизде Ўатанымызды сүйиў, оның менен мақтаныў, бүгинги күнимизден рәҳәтленип жасаў ҳәм ертеңги күнге үлкен исеним инәм етиўши гимнимизди айтсақ болады.
1992-жылы 10-декабрьде “Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында”ғы нызамға қол қойылды.
Бул нызамда белгиленгениндей, гимн мәмлекет суверенитетиниң белгиси есапланады, оған исенимлилик пенен қараўымыз ҳәр бир пуқараның миннети есапланады.
Мәмлекетимиз гимни қүдиретли күшке ийе. Ана Ўатанды сүйген, өзи туўылып өскен журтына сүйиспеншилик пенен қарайтуғын ҳәр бир адам гимнниң сөзлерин жүрекке салып айтыўына исенимимиз кәмил.
Бул туйғыны өзинде сиңдире алған ҚМУдың барлық факультетлеринде студентлер таң азан менен топарлар бойлап гимнимизди мақтаныш сезими менен жүрек арқалы жаңлатты. Ҳақыйқатында да биз оларға үлкен миннедаршылық билдиремиз.
Гимнимиз Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры А.Орипов сөзи, Өзбекстан халық артисти, белгили композитор М.Бурханов намасы астында жаратылған
Халқымыз бул сәнени ҳеш қашан умытпайды. Себеби, ўатанымыздың қан-қанына сиңген, Өзбекстан Республикасы гимни әлем бойлап таралады, бул қосық бүгинимиздиң қәдирине жетиўге, жаңа жеңислерди қолға кигизиўге ийтермелейди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 1-курс студенти.
