Жаңа жыл саўғасы

Өзбекстан Республикаси Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 11-февраль күни “Жетим балалар ҳәм ата-анасынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына қол қойған еди.

Сен жетим емессең. Себеби, сени гүлдей асырап-абайлайтуғын Өзбекстандай Ўатаның, журтбасшың бар.

Меҳирге толы, қыс мәўсиминиң ҳақыйқый безеги бола алатуғын жаңа жыл қарсаңында 2020-жылды ҚМУдың “Жас китапқумарлар клубы” ағзалары ҳәм де Жаслар аўқамы менен биргеликте Хөжели районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйинде көтериңки руўҳта күтип алыў мақсетинде, саўғалар менен бардық.

Кешени ҚМУдың Мәлимлеме ресурс орайы бас китапханашысы Раўшан Халмурзаева ҳәм Жаслар аўқамы жетекшиси Д.Абадановлар ашып берди. Байрамды зор кейпиятта баслаў ушын “Жас китапқумарлар” клубы ағзалары тәрепинен таярланған “Жаңа жыл ертеги” концерт бағдарламасы балаларымызға инәм етилди. Олар бул ертекти қызығыўшылық пенен көрди ҳәм өзлерине азда болса да мағлыўматлар топлай алды.

Меҳирге толы көзлер. Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары ушын таярланған клубымыз атынан 100ге жақын әдебий, ертек, қосық сыяқлы мазмундағы китаплар балалар ушын саўға етилди. Бул китапларды оқып, олар өзлерине көплеген билимлерди топлап, ертеңги күни елимизге, Ўатанымызға, Өзбекстанымызға пайдасы тийетуғындай ҳақыйқый ул-қызлар жетилисип шығыўына биз исенемиз, әлбетте.

Клубымыз ағзаларының бундай саўап иске қол урғаны, олардың айдын жолының жарқын болыўына хызмет етсин. Әлбетте, 2019-жылда әмелге аспаған арзыў ҳәм мақсетлеримиз болса, олардың ҳәммеси 2020-жылда меҳирге улассын!

Азизбек Дабылов,

   Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер