Елимизге Жаңа жыл байрамы жақынласқаннан бәршениң жүзинде күлки, кеўиллерден байрам қуўанышлары жай алған. Пайтахтымыз өзгеше байрам қушағында. Түнги рәңбә-рәң жақтыландырыўшы шырақлар Нөкистиң шырайына-шырай қосып тур.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де байрам илажлары шөлкемлестирилмекте. Университет бас бинасы алдында орнатылған шырша ағашы көрген көзди қуўандырады.
Усы жылдың 27-декабрь күни жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен университет ректораты тәрепинен университеттиң техник ҳәм хожалық бөлими хызметкерлерине жаңа жыл саўғалары тапсырылды.
Илажда университет ректоры А.Реймов бәршени кирип киятырған жаңа 2020-жыл менен қызғын қутлықлады ҳәм оларға байрам саўғаларын тапсырды.
Баспасөз хызмети.
