Факультет хызметкерлерине байрам саўғалары тапсырылды

Шет тиллери факультетинде жаңа жыл байрамы илажлары шөлкемлестирилмекте.

Факультетте жумыс ислейтуғын техник хызметкерлерге жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен байрам саўғалары тапсырылды.

Факультет деканы Дж.Курбанбаев, университет Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы И.Сейтназарова, факультет ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси М.Аметова, факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Қулниязовлар бәршени кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм оларға өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.

М.Аметова,

Шет тиллери факультети Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси.

Пайдалы дереклер