Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февраль күнги «Жетим балаларды ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. «Сен жалғыз емессең» бағдарламасы тийкарында шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары Тақыятас қаласындағы балалар үйине барды.
Илажды университет Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы И.Сейтназарова, шет тиллери факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси М.Аметова, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Д.Хаджиева, факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Кулниязовлар ашып берди ҳәм балаларымызды жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Бәршениң кеўиллерин көтериў мақсетинде кишкене балаларымыз ҳәм студентлеримиз тәрепиннен концерт бағдарламасы инәм етилди.
Кишкене балаларымыздың кеўил-кейпиятын көтериў мақсетинде оларға байрам саўғалары тапсырылды. Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты бөлими 4-басқыш студенти Сейдаметова Айнура факультетимиз тәрепинен таярлаған қызлар ушын кепелек көйлеги, ал, ер балалар ушын Санта Клаус костюмларын тигип берди.
Бизлер және бир мәрте Тақыятас балалар уйи жәмәәтин қутлықлап, олардың ийгиликли жумысларында табыслар тилеп қаламыз!
Жаңа кирип киятырған 2020-жыл бәршеге табыслы жыл болыўын тилеп қаламыз!
Мухаббат Аметова,
Шет тиллери факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси.
