ЖАСЛАР ТӘРБИЯСЫНДА ҲӘММЕ ЖУЎАПКЕРМИЗ!

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-санлы студентлер турар жайында 12-санлы «Қурылысшы» МПЖның жуўапкер хызметкерлери менен ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыў кешеси қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети тәрепинен «Жаслар тәрбиясында ҳәмме жуўапкермиз!» деген атамада шөлкемлестирилип, оның күн тәртибинде шаңарақ, мәҳәлле ҳәм оқыў орынларының тығыз бирге ислесиўи тийкарғы мәселе етип қойылды.

Оған 12-санлы «Қурылысшы» МПЖ  баслығы А.Нызанов, ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси О.Дурымбетова, профилактика инспекторы А.Төрениязов ҳәм ҚМУ психологи Г.Реймбаевалар мийман сыпатында шақырылды.

Кешени ҚМУ ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы И.Сейтназарова ашып берди.

Сондай-ақ, кешеге қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Р.Садыкова, факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов, қарақалпақ әдебияты кафедрасы оқытыўшысы Ж.Сагидуллаева, 1-санлы СТЖ тәрбияшы-педагоги Ш.Матжанова ҳәм факультет студент-қызлары қатнасты.

Ушырасыўды өткериўден тийкарғы мақсет – студентлер турар жайында жасаўшы қызлардың тәрбиясында мәҳәлле ҳәм оқыў орнының ролин еле де арттырыў, студент-жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм тәртипбузыўшылықты болдырмаўдың алдын алыў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, усы мәселеде бирге ислесиўди еле де күшейтиў, СТЖда турыўшы жаслардың талап ҳәм мүтәжликлерин қанаатландырыўда мәҳәлле менен оқыў орнының бирге ислесиўи болып табылады.

Сондай-ақ, ушырасыў барысында студент-қызлар келген мийманларға өзлериниң қызықтырған сораўларын ҳәм пикир-усынысларын билдирди. Ушырасыў соңында мәҳәлле ҳәм оқыў орны арасында келешекте жаслар тәрбиясына байланыслы орынланатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

З.Есенбаева,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер