#Бес_баслама_бес_имканият  СҮЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИ БОЙЫНША ШЕБЕРЛИК САБАҚЛАРЫ

Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша илгери сүрген 5 әҳмийетли басламасының биринши басламасы – жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыўға, талантын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен жасларды пайтахтымызда жайласқан Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер мектеби ҳәм 17-27-33-санлы орта ўлыўма билим бериў мектеплеринде болып, сүўретлеў өнери бойынша шеберлик сабақларын өтти.

Сондай-ақ, университет студент-жаслары тәрепинен дөретилген картиналардың көргизбеси шөлкемлестирилди.

«Бес баслама – бес имканият» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

ҚМУ Баспасөз хызмети. 

Пайдалы дереклер