#Бес_баслама_бес_имканият  «ҚУЎНАҚЛАР ҲӘМ ЗИЙРЕКЛЕР» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ФИНАЛЛЫҚ БАСҚЫШЫ

Усы жылдың 17-январь күни университет мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген 5 әҳмийетли басламаның биринши басламасы болған жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң барлық факультетлери арасында жеңимпаз болған, сондай-ақ, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында белсене қатнасып келген питириўшилерден дүзилген командалар ортасында таңлаўдың финаллық басқышы өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

Таңлаў жуўмағында биринши орынды Биология факультетиниң «Red-book» командасы, екинши орынды питкериўшилерден дүзилген «Мастер» командасы, үшинши орынды  Қурылыс факультетиниң «Инженеринг» командалары жеңип шықты.

Таңлаўда бүгинги күнде жаслар арасында жүз берип атырған жаңалықлар менен биргеликте унамсыз жағдайларды да команда ағзалары үлкен шеберлик пенен атқарып, бәршениң кеўиллерине жоқары руўхый көтериңкилик бағышлады.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер