ҲӘЗИР КЕРЕК БОЛЫП ТУРСАҢ ОҒАДА…

 

Биреўлер аңбаған,биреўлер аңған,

Дүньяға көп келмес гөззал инсанлар,

Әжел наймыт ол ҳәм жақсына таңлар,

Дийдарың мөр басқан ядыма мениң.

И.Юсупов

Атақлы тюрколог алым, илимпаз Өзбекстан Илимлер академиясының академиги,өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң ири ўәкили, белгили жәмийетлик ғайраткер М.К.Нурмухамедов 1930-жылы 6-январьда Төрткүл қаласында Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Комитетиниң баслығы Көптилеў Нурмухамедовтың шаңарағында туўылды. Марат 8 жасында әкеден жетим қалып, бир мезгил мектепте оқыса, бир мезгил түрли жумысларды ислеўге мәжбүр болады. Бул дәўирде оның үйи Хожелиде еди. Ислеп тапқан хызмет ҳақысын анасы Пердегүлге алып келип берип, асыраўшысынан айрылған хожалықты қолынан келгенинше қәрежет пенен тәмийнлеўге ҳәрекет етти. Соның менен бирге оқыўында да қатарынын алды болды. Мектепте, әсиресе, ол тарийх ҳәм әдебият пәнлерине айрықша итибар берип қызықты.

Жоқшылық Мараттың кемпир апасын, анасын ҳәм қарындасы Марияны 1944-жылы Шоманай районының Ленин атындағы колхозына көшип барыўға мәжбүр етти. Оларға колхоз баслығы Мырзамурат Абдуллаев қәўендерлик етти. Ал Марат әкесиниң туўысқан қарындасы Жумагүлдиң үйинде болды ҳәм Нөкисте оқыды. Оның күйеўи Генжебай Убайдуллаев Қарақалпақстан автоном республикасы билимлендириў халық комиссарының орынбасары, өзи, А.С.Пушкин атындағы орта мектепте муғаллим болып ислер еди. Марат  бул жерде Қарақалпақстанның илим ҳәм мәденият ғайраткерлери Н.Дәўқараев, А.Бегимов, Қ.Айымбетов, Ж.Аймурзаев, Ә.Шамуратов, Ж.Орынбаев, Я.Досумов сыяқлы алым ҳәм жазыўшылар менен ушырасты. Өткени, Г.Убайдуллаевтың үйине олар жийе-жийе келип, әдебият ҳәм илим мәселелери туўралы сөз ететуғын еди.

1946-жылдан баслап Маратта дәслеп жазыўшы, соң әдебиятшы болыў тилеги пайда болды. Өзиниң дәслепки дөретиўшилиги оның күнделик жүргизиў жумысы болып есапланады. Қырық жылдан аслам ўақыт даўамында күнделик жазыў менен шуғылланды.

Марат 1946-1950-жыллары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық  институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетинде оқыды. Оны питкергеннен соң аспирантураға оқыўға жоллама берилди. Бирақ, Мараттың алдында еки тосқынлық болды. Бири, ол оқыўға кеткенде 73 жаслы кемпир апасын ҳәм анасын ким бағады? Екиншиси, оның әкесине «халық душпаны» деген тамға басылған еди. Араға Н.Дәўқараев ҳәм жездеси Г.Убайдуллаев түсти.

Солай етип, ол 1950-жылы 1-октябрьде Москваға кетип аспирантурада оқый баслайды. Бул жерде ол белгили илимпазлар менен ушырасыў бахтына миясар болады. Енди оның алдында кең мүмкиншиликлер ашылды. Ол өзиниң жыйнаған бай материаллары, жеке болжаў ҳәм жуўмақлары арқалы илимге үлкен жаңалықлар киргизди. Аспирантураны тамамлап кандидатлық диссертациясын 1965-жылы қорғады. Илмий Кеңесте 100% даўыс алды. Москвадағы Илимлер Академиясы Шығыстаныў институтында ислеп қалыўға мирәт етилди. Бирақ ол туўылған үлкесине қайтыўды мақул көрди.

Бул дәўирде биринши қарақалпақ илимпазы Н.Дәўқараев биймезгил қайтыс болып, оның орнына жас 23 жасар илим кандидаты М.Нурмухамедов изин даўам етти, ол изине 6-7 студент ертип илимий экспедицияларды шөлкемлестирди. Излениўлердиң нәтийжесинде қарақалпақ   қаҳарманлық дәстанларын жыйнаўға еристи ҳәм баспасөзде жәриялайды.

1964-жылы ол Нөкисте қарақалпақ тили ҳәм әдебияты мәселелерине ар-налған илимий-теориялық конференцияны шөлкемлестириўшилердиң бири болды, «Алпамыс» дәстанын ҳәм Бердақтың дөретиўшилигин изертлеўдеги жол қойылған қәте-кемшиликлердиң аңлады ҳәм илимпазларды туўры жолға баслады.            

М.Нурмухамедов 1953-1959-жылларда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы экономика ҳәм мәденият институтында үлкен илимий хыз-меткер,  бөлим баслығы, директордың орынбасары болып иследи. Және де педагогикалық института оқытыўшы болып жумысын даўам етти.                   

1957-1958-жыллары «Әмудәрья» журналының бас редакторы, 1958-1959-жыллары болса, Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы лаўазымларында хызмет атқарды. Атақлы илимпаз, шебер шөл-кемлестириўши М.Нурмухаммедов 1959-жылы ашылған Өзбекстан Рес-публикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының биринши председатели, 1961-жылы Өзбекстан компартиясы Қарақалпақстан обкомы-ның секретары болып сайланды. 1962-жылы «Қарақалпақ совет прозасының раўажланыў жоллары» деген темада докторлық диссертация жумысын қор-ғаўға еристи. Соңғы 20 жыл даўамында ол Ташкентте  Өзбекстан Рес-публикасы Илимлер Академиясында тарийх, тилтаныў  ҳәм әдебияттаныў бөлиминиң академик-секретары, 1974-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының вице-президенти, А.С.Пушкин атындағы тил ҳәм әдебият институтының ректоры, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры болып иследи.

Атақлы тюркологтың мийнетлери шет еллерге де мәлим болды ҳәм оның илимий мийнетлери қарақалпақ, өзбек, рус, қазақ, түркмен, тәжик, украин, инглис, түрк, вергер ҳәм т.б. тиллерде басылып шықты.Көплеген халықара-лық Конгресслер менен симпозиумларда баянатлар менен шығып сөйледи ҳәм халық аралық көлемде үлкен хүрметке ҳәм абыройға ийе болды. Атап өтсек, Бомбей (1969), Мадрас (1969), Болония (1972), Галле (1973), Бағдад (1975), Стамбул (1979) қалаларында жәмийетлик илимлер, әдебият мәселе-лери бойынша баянатлар жасады. Оның әдебият байланыслары ҳаққындағы мийнетлериниң қуны бәлент.

Илимпаз республикамыздың жәмийетлик турмысына белсене қатнасты. Оның авторлығында «Қарақалпақ совет прозасы» атлы ири монографиясы 1968-жылы баспадан жарық көрди ҳәм илимпаз усы мийнетлери ушын 1970-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықты алыўға еристи. Қарақалпақ әдебиятының раўажланыў бағдарлары ҳаққында илимий мийнетлерге дәўирлерге бөлип изертленгенлиги менен баҳалы.

Ол еки мәртебе «Ҳүрмет белгиси» ордени ҳәм медаллар менен сыйлықланды. 1957-жылы ҳәм 1967-жылы Қарақалпақстан Жоқарғы кеңесине депутат болып сайланды. Оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳәм «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» атақлары берилди.

Илимпаз М.Нурмухамедов Измир қаласында өткерилген Түрк фольклоры бойынша III халықаралық конгрессине қатнасып, 1986-жылы 20-июнь күни автомобил апатына ушырап, биймезгил дүньядан өтти. Бул суўық хабардың тәсири туўралы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов терең қайғырыў билдирип былай деп жазады.

   Жулдыз ағып кетсе ақшамы ўақта,

  Бирден сен түсерсең ядыма мениң.

Жасын түсти десе жасыл дараққа,

Дәрҳал сен түсерсең ядыма мениң.

 

Измир шөллеринде ескен самаллар,

Түрки тилде жоллап қайғылы хабар,

Ийесин жоғалтқан бир ат жәниўар,

Тынбай сегбир тартар ядымда мениң.

Халық шайыры тәриплеген ийесин жоғалтқан ат образы астында пүтин бир халық образы жасырынған. Пүтин өмири  даўамында қарақалпақ әдебиятын изертлеп келген илимпаздың өзи де сол халықтың бай ғәзийнесине айлана алды десек, асыра айтқан болмаймыз.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде академик М.Нурмухамедовтың исмин мәңгилестириў ушын тийисли илажлар исленди. Ташкент қаласының Яккасарай районында бир көше, Нөкис ҳәм Хожели қалаларында еки улыўма билим бериў мектеби, Қанлыкөл районында жаңадан шөлкемлестирилген бағшылық жәмәәт хожалығы ҳәм бир улыўма билим бериў мектеби оның атына қойылды. М.Нурмухамедов басшы лаўазымда ислеген Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети имаратына естелик-барельф орнатылды.

Жыллар өткен сайын илимпаз жаратқан илимий орталықтың қаншелли терең мазмунлы ҳәм уллы екенлигин сезинесең. Ал, шайыр сөзиниң туўрылығы болса буны тастыйықлап турғандай. Сонлықтан, Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсуповтың:

                    Мураплар билдигин ислеп сағада,

                    Теңиз таслап кеткен ески жағада,

                     Ҳәзир керек болып турсаң оғада,

                     Дәрман айтардай-ақ дадыма мениң,

– деген қатарларында үлкен философиялық мәни жасырынғанлығын аңлағандай боламыз.

Жыллар өткен сайын илимпаз жаратқан илимий орталықтың қаншелли терең мазмунлы ҳәм уллы екенлигин сезинесең. Бүгин заман  ҳәм дәўир талабы илим ҳәм мәрифатты раўажланыўдай ўазыйпа жүклеп атырған дәўирде көрнекли илимпаз, академик, ҳақыйкый ел перзенти М.К.Нурмухамедовты еслеўди ҳәм оның мийресларын қәдирлеўди өзимиздиң әдиўли миннетимиз деп билемиз.

 Зияда Қожықбаева,

Филология илитмлериниң кандидаты, доцент.

Пайдалы дереклер