Ҳаслында географиялық картамыздың бир шети болған Тахтакөпирдей алыс, шетки районнан шығып, «Зулфия» атындағы мәмлекеттлик сыйлықты алып, Ташкент қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика факультетинде оқып питкериў, буннан соң Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының халықаралық байланыслар бөлиминде тил билиў дәрежесиниң арқасында керекли кадр сыпатында ислеў әнейи адамның қолынан келе бермесе керек. Қ.Бегниязова бундай ислерди әмелге асыра алды. Кейин ала болса «журналистика студентлерине азлы-кем тәжирийбемди бөлиским келеди», деп Қаракалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика кафедрасында оқытыўшы сыпатында жумыс баслады.
-Журналистика кафедрасында жумыс баслаўым бир тәрептен студентлерге билим бериўдей уллы кәсипти атқарыўыма мүмкиншилик берген болса, екинши тәрептен дөретиўшилик жумысларымда еле де алға илгерилеўимде ҳәм илимий изленислеримди нәтийжели алып барыўымда үлкен шеберлик мектеби бола алды. Студентлерим менен биргеликте www.kar24.uz сайтын аштым ҳәм бир жылдан аслам ўақыт ишинде шөлкемлескенлик пенен жоқары дәрежеде жумыс алып бардық. Қарақалпақстан турмысындағы жаңалықларды сәўлелендирип, жәмийет турмысына сын нәзеримиз бенен баҳа бергенимиз, азлы-кем мийнетимиз баҳаланып, сайтымыз «Алтын қәлем» сыйлығына ылайық деп табылды. Илимий изленислеримде де табысларға ерисе алдым,-дейди журналистика кафедрасы ассистент оқытыўшысы Қ.Бегниязова.
Бүгинги күнде 29 жаслы, бир перзенттиң анасы болған жас илимпаздың «Интернет заманагөй ҒХҚ сыпатында (Қарақалпақстан интернет журналистикасы мысалында)» темасында илимий жумысы табыслы жуўмақланыўы алдында тур. «Устазы жақсының устамы жақсы» дегениндей, илим-изертлеў бағдарындағы жетискенлиги тийкарын сорасақ, толқынланып илимий басшысы филология илимлериниң докторы, профессор Ф.Муминовтың дурыс жол-жоба бере алыў шеберлигин мақтап кетеди.
Жаслық жигери, күш-қуўаты тасып турған оқытыўшы өзин қайсы бағдарда сынап көрсе де нәтийжеге ериспестен қоймайды. Жақында Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Республикалық Илимпаз ҳаяллар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен ҳәр үш жылда бир мәрте өткерилетуғын «Илим жулдызлары» таңлаўына қатнасып, сыйлы екинши орынды ийледи. 25-40 жастағы ҳаял-қызлар арасында өткерилетуғын таңлаў үш шәртти өз ишине алып, Қ.Бегниязова «Илим-изертлеў бағдары», «Сиясий саўатлылық бойынша сораў-жуўаплар», «Мен не ушын сүйемен Өзбекстанды темасында шет тилинде шығып сөйлеў» шәртлеринде жоқары баҳаларды алды. Таңлаўға жоқары нәтийжеге ерискен тахтакөпирли жас илимпаз қолында саўға сәлеми менен қоса, Инновациялық раўажланыў министрлиги қасындағы Жаслар академиясына туўрыдан-туўры қабыл етилип Нөкиске қайтты.
-Таңлаўда Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары, Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Воситхонава тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасы ҳәр тәреплеме позитив, илим изертлеў бағдарында да жоқары орында» деген бир аўыз жыллы сөзди еситиўдиң өзи маған үлкен күш-жигер бағышлады,-дейди Қумар өз сөзинде.
Усындай ғайратлы оқытыўшылардың қатары көбейе берсин деп қаламыз ҳәм Қ.Бегниязоваға алдағы жумысларында табыслар тилеп қаламыз.
Ж.Искендеров,
ҚМУ магистранты.
