Ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатнамасы дерлик мәмлекетимизде жақын 5-10 жылда орынланыўын күтип турған халқымыз ушын ең керекли ҳаўа менен суўдай ўазыйпалар ҳаққында болды. Әсиресе, быйылғы жылға «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп атама бериўи биз профессор-оқытыўшыларды шексиз қуўандырды.
Өзим көп жыллардан берли жоқары оқыў орнында ҳәр қыйлы лаўазымларда ислеп киятырман. Бирақ, кейинги 3 жылдағыдай илимге, билимлендириўге деген итибарды көрмедим десем әйне ҳақыйқатты айтқан боламан. Мүрәжатнамада мен ислеп атырған тараўға тийисли базы бир жаңалықларға тоқтап өтиўди мақул көрип отырман. Олардан айрықша атап өтетуғын болсам Президентимиз айтқанындай: «Биз Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қояр екенбиз, буған тек тез реформалар, илим, мәрипат ҳәм инновация арқалы ғана ерисе аламыз. Яғный, буның ушын ең биринши нәўбетте инициатива қылатуғын, стратегиялық пикир жүрите алатуғын, терең билимли жаңа аўлад қәнигелерди тәрбиялаўымыз зәрүр», деген еди. Усы жерде Президентимиздиң және бир шығыс данышпанларының айтқан сөзин келтирсем, яғный «Ең үлкен байлық – бул ақыл ҳәм илим, ең үлкен мийрас – бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық – билимсизлик!».
Жыл атынан көринип турғанындай санлы экономикаға өтиў бул аңсатлық пенен болатуғын нәрсе емес. Буның ушын дүнья талабына жуўап беретуғын инфраструктура ҳәм көп қаржы талап ететуғын мийнет ресурсларының керек екенлигин айрықша атап өтти. Және, Президентимиз айтқанындай, яғный «Санлы экономикаға өтиў қаншелли қыйын болмасын алдымыздағы 5 жылдағы бизлердиң ең приоритет ўазыйпамыз санлы экономикаға актив өтиў болып табылады». Сондай-ақ, және бир айрықша атап өтетуғын мәселелерден бири бул жоқары мағлыўмат аламан, өз үстимде ислеп билимли боламан деген жүрегинде оты бар жасларымыз ушын барлық қолайлықларды жаратыўымыз шәрт деген еди. Соның ушын мектеп питкериўшилерин жоқарғы билим менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кем дегенде 25 процентке ҳәм келешекте бул көрсеткишти 50-60 процентке жеткеремиз деген еди. Сонлықтан да, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыллаў мәмлекетлик грантларын 2 есеге асырыўымыз керек деди. Бул жасларымыз ушын үлкен имканиятлар есиги болып табылады. Және бир жаңалық, қызларымыз ушын өз алдына грантлар да ажыралатуғынлығы айрықша атап өтилди. Бүгинги күнге шекем жоқары оқыў орнына кириў имтиханлары да кеўилдегидей емес еди. Бул маселеге де Президентимиз өзиниң анық усынысларын берди, яғный кириў имтиханларын оптималластырыў сол арқалы тийкарғы итибарды оқыўға кириў процесслерин әпиўайыластырыў. Мысалы ушын деди: «Ана тили бойынша билимди баҳалаўдың миллий тест системасын жаратыў лазым». Және бир жаңалық жоқары билимлендириў стандартлары шет ел тәжирийбесине тийкарланған ҳалда қайтадан көрип шығылады ҳәм де қәнигеликке қатнасы (байланысы) болмаған пәнлер саны 2 бара-бар қысқартылады деп айрықша атап көрсетти. Бул жағдай бизлерди қаттыға қуўандырды. Бүгинги күнниң дүньялық талабы жоқары оқыў орынларында оқыў процессин кредит-модуль системасына өтиў талап етилмекте. Және бир айтатуғын нәрсе, бул 2020-жылдан баслап педагогикалық тәлимдеги 6 бағдар бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленди. Сондай-ақ, ол өз сөзинде жоқары оқыў орынларына басқышпа-басқыш академиялық ҳәм қаржы ғәрезсизлиги бериледи деди. Және бир айрықша атап өтетуғын бир мәселе бул мәмлекетимиз ушын илим-пән тараўында приоритет бағдарларды белгилеп алыўымыз керек, деди. Быйылға жылы бундай приоритет бағдарларға математика, химия-биология ҳәм геология бағдарлары кирип бул тараўды ислеп атырған илимпазларға барлық шәрт-шараятлар жаратылып берилетуғын болды. Усыған қосымша быйылғы жылы «Эл-юрт умиди» фонды тәрепинен 700 ден артық илимпазлар, профессор-оқытыўшылар шет елге илимий-изертлеў жумысларын алып барыўға ҳәм билимин жетилистирип қайтыўға жиберилетуғын болды. Жуўмақластырып соны айтыўымыз керек, яғный биз бүгиннен баслап жаңа Өзбекстанды қурыўды раўажланған мәмлекетлердиң тәжрийбелеринен келип шығып ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң Мүрәжатнамасына келип шығып тек илим, билим ҳәм жоқары технологиялар арқалы ғана әмелге асыра алатуғынлығымызға толық исенемиз. Бул ушын, әлбетте, ҳәммемиз бир жеңнен қол шығарып, бир жағадан бас шығарып, аўызбиршилик пенен мийнет етиўимиз керек.
Қ.ИСМАЙЛОВ,
ҚМУ Ярымөткизгишлер физикасы кафедрасының баслығы, профессор.