САНЛЫ ЭКОНОМИКА ҲӘМ ОНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Бәршемизге мәлим 2020-жыл мәмлекетимизде “Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы” деп жәрияланыўы менен пуқараларымызда, әсиресе, жасларымызда “санлы экономика” атамасы ҳаққында көплеген сораўлар пайда бола баслады. Соларды есапқа алған ҳалда санлы экономика ҳәм оның әҳмийети ҳаққында экономист қәниге сыпатында өз пикирлеримди билдирмекшимен.

Санлы экономика – бул экономикалық, социаллық ҳәм мәдений байланысларды санлы технологияларды қолланыў тийкарында әмелге асырыў системасы. Айырым жағдайларда ол интернет экономикасы, жаңа экономика, сондай-ақ, веб-экономика терминлери менен де сәўлелендириледи.

Санлы экономиканың әпиўайы экономикадан тийкарғы өзгешелигин төмендеги мысалларда түсиниўимиз мүмкин. Мысалы, қарыйдарға пальто, куртка ямаса аяқ кийим керек. Оны базарға барып өзи тиккелей таңласа ҳәм нақ пулға сатып алса, бул әпиўайы биз билетуғын товар хожалығына тийкарланған экономика. Телеграмдағы қандай да саўда системасы (савдо боти) арқалы өзине мақул товарды таңлап, товар ийесине пулды электрон төлеў системасы арқалы төлеў ҳәм товарды жеткерип бериў хызмети арқалы алыў – санлы экономика деп жүргизиледи. Анығырақ етип айтқанда, биз ҳәммемиз әлле қашан санлы экономиканың ишиндемиз, оның қолайлықларынан пайдаланып атырмыз. Мысалы, хызмет ҳақы, пенсия, стипендия сыяқлы дәраматларымыз пластик карталарға түседи ҳәм биз электрон төлеў системасы арқалы коммуналлық хызметлер, телефон, интернет ҳәм басқа да өним ҳәм хызметлерге төлеймиз, картадан картаға пул өткеремиз, үйге товарлар буйыртпа беремиз. Мине, усылардың өзи бизиң санлы экономикаға кирип келгенлигимизди аңлатады.

Халқымыз соны туўры түсиниўи керек, санлы экономика – бул нольден баслап жаратылыўы тийис болған қандай да басқаша экономика емес.  Бул жаңа технологиялар ҳәм бизнес моделлерин жаратыў ҳәм де оларды күнделикли турмысқа енгизиў арқалы әмелдеги экономиканы жаңаша системаға айландырыў дегени.

Санлы экономика коррупция ҳәм “жасырын экономика”ға қарсы гүресиўши тийкарғы қурал есапланады. Себеби, санлар барлық нәрсе мөрлеп қояды, ядта сақлайды, керекли ўақытта мағлыўматлар тез усыныс етиледи. Бундай шараятта қандайда мағлыўматты жасырыў, жасырын келисимлер дүзиў, қандай да хызмет ҳаққында толық мағлыўмат бермеўдиң илажы жоқ, компьютер ҳәммесин көрсетип береди. Мағлыўматлардың көплиги ҳәм системалылығы жалған ҳәм қыңыр ислерге жол бермейди, себеби системаны алдаўдың имканияты жоқ. Нәтийжеде қаржыларды урлаў, нәтийжесиз ҳәм мақсетсиз жумсаў, көбейтип ямаса жасырып көрсетиўге мүмкиншилик қалмайды. Бул болса экономикаға легал (нызамлы) қаржылардың ағымын арттырады, салықлар өз ўақтында ҳәм туўры төленеди, социаллық тараўға бағдарланған қаржылар урланбайды, мектеплер, емлеўханалар, жолларға ажыратылған пуллар толық жетип барады.

Президентимиз өз Мүрәжатында атап көрсеткениндей 2020-жыл ҳәр биримиз ушын үлкен сынақ ҳәм жуўапкершиликли жыл болады. Сонлықтан да, жасырын экономиканы сапластырыў, санлы экономиканы раўажландырыў ҳәр биримизден үлкен жуўапкершилик ҳәм базар нызамларына сәйкес белсендилик пенен ҳәрекет етиўди талап етеди.

 Адилбай Даўлетмуратов,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

экономикалық теория кафедрасының доценти.

Пайдалы дереклер