«OTUS» клубының ағзалары Әмиўдәрья районында мектеп оқыўшылары менен ушырасты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетинде ашылған «OTUS» студентлер орнитологиялық клубы ағзалары басшылығында Әмиўдәрья районы Дўстлик АПЖда жайласқан 40-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Қусларды абайлап асырайық» атамасында ушырасыў өткерилди.

Онда «OTUS» студентлер орнитологиялық клубы ағзасы Шойра Юнусова, 43-санлы орта билим бериӯ мектебиниӊ 8-класс оқыӯшылары ҳәм мектеп окытыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда «OTUS» клубы ағзалары мектеп оқыӯшыларына қуслардың тәбияттағы әҳмийети хаққында, оларды қандай жоллар менен қорғаў кереклиги ҳәм уялар қурыў ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, «OTUS» клубы ағзалары тәрепинен клуб тарийхы, мақсет-ўазыйпалары ҳәм де жыл қусы хаққында исленген презентация ҳәм ойынлар балалардың қусларға болған қызығыўшылығын арттырды.

Интерактив ойынларда балалар өз белсендиликлерин көрсетип, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ж.Измурзаева,

Биология факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер