ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ИММУНИТЕТТИ АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЫ

ҚМУ психологы Г.Реймбаева барлық факультетлер менен бир қатарда,   химия-технология факультети студентлери менен ҳуқықбузарлыққа ҳәм де суицидке қарсы психопрофилактикалық илажлар өткерди.

Буннан тийкарғы мақсет – студент-жасларда психологиялық иммунитетти арттырыў ҳәм жат иллетлерге қарсы гүресиў болып табылады. Ҳәзирги күндеги ушырасып атырған ҳуқықбузарлық ҳәм суицидаль ҳәрекетлердиң тийкарында руўхый әззилик, жаслардың мәнаўий дүньясының жарлылығы, сана-сезиминдеги интеллектуал бослық, тәрбиясызлық сыяқлы қәсийетлер екенлиги бәршеге мәлим. Суицидал иллетлерге қарсы гүресиўде бириншиден инсанға библиотерапия усылы, спорт шынығыўлары, медитация, релаксация ҳәм де жасыл тәбият қойнына саяхатлар үлкен жәрдем беретуғынлығы мысаллар менен келтирип өтилди.    

Ушырасыў даўамында «Сизиң темпераментиңиз қандай?», «Ҳуқықбузарлыққа  мейилликти  анықлаўшы тестлер» жыйнағы өткерилип , жуўмағы бойынша психологиялық консультациялар берилди.

Студентлер өзлерин қызықтырған саўалларға жуўаплар алды.

Г.Реймбаева.

Пайдалы дереклер