Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде ушырасыӯ кешеси

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети Юриспруденция тәлим бағдары 4-курс студентлери менен «Министр ҳәм жаслар», сондай-ақ, жумыс бериўши сыпатында ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри мәсләҳәтшиси О.Турдақов, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республисы Жоқарғы Кеңеси депутаты, сенатор А.Данияров, Ҳуқықтаныў кафедрасы баслығы ю.и.к., доц. М.Нажимов, министрликтиң тийисли бөлим қәнигелери ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Кирис сөз бенен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов ашып, министрликтиң ишки тәртиби, алып барып атырған искерликлери, жумысқа қабыл етиў тәртиплери, министрликтиң келешектеги режелери ҳәм жаслар менен биргеликте ислесиў бойынша мәселелерге тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри мәсләҳәтшиси О.Турдақов, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республисы Жоқарғы Кеңеси депутаты, сенатор А.Данияровлар сөзге шығып, ҳазирги күнде ишки ислер органларының тынышлықты сақлап турған хызметкерлериниң халқымыз алдындағы ўазыйпалары ҳаққында айтып өтти.

 Ҳуқықтаныў кафедрасы баслығы ю.и.к.доц., М.Нажимов сөзге шығып, ҳәзирги күнде оқыў процесси менен биргеликте әмелияттың тығыз байланыста болыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигине тоқтап өтип, келешекте Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзиў әҳмийетли екенлигин айтып өтти.

Соңында Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте студент-жаслар Ишки ислер министрлиги аймағына саяхат шөлкемлестирди.

Б.Юлдашев,

Юридика факультетиниң Жаслар аўқамы жетекшиси.

Пайдалы дереклер