Усы жылдың 2-февраль күни 2-февраль – дүнья жүзлик «Суўлы-батпақлық жерлер күни» мүнәсебети менен Нөкис қаласы әтирапында жайласқан Ашшыкөл көли ҳәм оның әтирапында ушырасатуғын қусларға орнитологиялық бақлаў өткерилди.
Бул бақлаўда Өзбекстан Қусларды қорғаў жәмийети Қарақалпақстан бөлими ағзасы, Ɵзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими киши илимий хызметкери Г.Матекова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген “OTUS” студентлер орнитологиялық клубының баслығы И.Арепбаев ҳәм клуб ағзаларынан 18 студентлер қатнасты.
Бул бақлаўда төмендеги 16 түрдеги қуслар есапқа алынды:
|
1 |
Большая белая цапля Egretta alba |
4 |
|
2 |
Кряква Anas platyrhynchos |
52 |
|
3 |
Красноносый нырок Netta rufina |
15 |
|
4 |
Красноголовая чернеть Aythya ferina |
209 |
|
5 |
Белоглазая чернеть Aythya nyroca |
6 |
|
6 |
Хохлатая чернеть Aythya fuligula |
18 |
|
7 |
Сизый голубь Columba livia |
18 |
|
8 |
Домовый сыч Athene noctua |
1 |
|
9 |
Хохлатый жаворонок Galerida cristata |
4 |
|
10 |
Обыкновенный скворец Sturnus vulgaris |
34 |
|
11 |
Сорока Pica pica |
5 |
|
12 |
Галка Corvus monedula |
9 |
|
13 |
Грач Corvus frugilegus |
16 |
|
14 |
Черная ворона Corvus corone |
7 |
|
15 |
Серая ворона Corvus cornix |
3 |
|
16 |
Полевой воробей Passer montanus |
40 |
Әлбетте, бундай әмелий илажлар студент-жаслардың теориялық билимлерин еле де беккемлеўде өзиниң нәтийжесин берери сөзсиз.
Ж. Измурзаева,
Биология факультетиниң студенти.
