2020-жыл 30-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи ис-режеси тийкарында Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры А.Қудияров музей хызметкерлери А.Алимбетов, О.Ш.Қдырниязовлар Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағына илимий сапар шөлкемлестирди.
Сапар даўамында «Тақыркөл» АПЖ қәбиристанларды бақлаў ҳәм халыққа диний хызмет көрсетиў ўазыйпасын, соныӊ менен бирге аўыл имам хатиби Шарипов Махсуд пенен ушырасып, усы күнге шекем “Қарақшы кум” қәбирстанында сақланып киятырған араб алфавитинде жазылған китаплардыӊ жыйналыў тарийхы, қәбиристанлықтыӊ пайда болыў тарийхы ҳақкында мағлыўматлар жазып алынды ҳәм ол жердеги ески араб алфавитинде жазылған китаплар музей фондына алынды.
Буннан басқа, 2020-жыл 7-феврал күни Тахтакөпир районында гезектеги сапар даўамында, 1878-жылы Қараой аўылында дийқан шаӊарағында туўылған, антисоветлик үгит-нәсият алып барған деген жала менен 1937-жылы қамалған Әбдиреймов Әбдихалықтыӊ ақлық баласы Абдихаликов Казбектен атасынан қалған әсбаплар мәсўек, араб тилинде жазылған китабы, китап оқығанда алдына қоятуғын арнаўлы үскене, атқа мингенде алып жүретуғын кесе ҳәм чайнек қап, аӊ аўлайтуғын қусларды үйрететуғын териден тигилген қолғаплары музейге экспонат ретинде алынды. Және де, Тахтакөпир районы Қараой аўылында XVIII-XIX әcирлерде халықты саўатландырыў ушын хызмет еткен Бес мешит, Әбдирейим ийшан мешити, Нурылла ахун мешитлериниӊ қалдықлары сүўретке алынды, мешиттиӊ қурылыў тарийхы, сол дәўирдеги тарийхый сиясий жағдайлар ҳаққында мағлыўматлар жазып алынды. Сондай-ақ, усы күни Тахтакөпир районында радио журналист хабаршы болып ислеген Тоқымбет Рысекеевтыӊ шанарағында болып, үй китапханасы менен таныстық. Музей ушын керекли болған айырым китаплар музей фондына алынды, және де, Шымбай районында пахта заводында ислеген, 1984-жылы «Пахта иси» бойынша иркиўге алынған Избасар Ибашовтыӊ шаӊарағында болып жумыс бабында пайдаланылған затлары, сүўретлери, сол ўақытларға тийисли айырым ҳүжжетлер музей экспозициясы ушын алынды.
Сапар даўамында алынған затлар, топланған тәжирийбелер музей фондын байытыў менен бирге студентлердиӊ де келешекте илимий жумысларды алып барғанда халық арасынан тарийхый мағлыўматларды жыйнаўда адамлар менен қарым-қатнас жасаў мәдениятын, дала аўызеки тарийхый ўақыяларды үйрениўде, тарийхый ўақыяларға дурыс көз-қарас пенен караўда үлкен әҳмийетке ийе болады, деп ойлаймыз.
А.Алимбетов,
Музей хызметкери.
