#Дыққат_дағаза   Қоңсы мәмлекетлерден оқыўды Өзбекстанға көшириў мүддети усы жылдың 15-март сәнесине шекем узайттырылды

Қоңсы мәмлекетлер (Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан) жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлер ҳәм олардың ата-аналарынан келип түскен көплеген мүрәжатларды инабатқа алған ҳалда, қалаберсе, пуқараларға қосымша жеңиллик жаратыў мақсетинде арзаларды қабыллаў мүддети усы жылдың 15-март сәнесине шекем даўам етеди.

Оқыўды көшириў бойынша арзалар төмендеги талапларға тийкар қабылланады:

✔️ пуқараның турақлы жасаў мәнзили (жоқары оқыў орнының  сыйымлылығы яки аймақтағы жоқары оқыў орынларында тийисли тараў бойынша бакалавриат тәлим бағдарлары болмаған жағдайларда басқа ўәлаяттағы жоқары оқыў орнына усыныс етилиўи мүмкин);

✔️ студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарының оқыўы көширилип атырған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкеслиги (бундай бағдар болмаған жағдайда түрлес екенлиги);

✔️ сырт елде студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарларының айырмашлықларын инабатқа алған ҳалда оларды тийкарынан сыртқы ҳәм кешки тәлим түрлерине усыныс етиў;

✔️ студентлер оқыўын көшириўде Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бар имканиятлары (материаллық-техникалық база, яғный сменалы коэффициенти, профессор-оқытыўшылар менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳам басқалар) инабатқа алынады.

Пуқаралардан Аймақлық исши топарларға төмендегише ҳүжжетлерди усыныў талап етиледи:

✅ арза (орнында толтырылады);

✅ рейтинг дәптершеси яки академиялық мағлыўматнама (транскрипт) нусқасы;

✅ паспорт нусқасы.

Сырт ел жоқары оқыў орынларынан студентлер оқыўын республика жоқары оқыў орынларына көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

? Қарақалпақстан Республикасы бойынша Аймақлық исши топар Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында жайласқан.

? Мағлыўмат ушын телефонлар:

61-223-60-51

61-223-59-30

Пайдалы дереклер