ҚОҢСЫ МӘМЛЕКЕТЛЕРДЕН ОҚЫЎДЫ КӨШИРИЎ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ…

Алдын хабар бергенимиздей, қоңсы мәмлекетлерден (Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан) оқыўды Өзбекстанға көшириў мүддети усы жылдың 15-март сәнесине шекем узайттырылды.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы Исши топар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәлимлеме-ресурс орайында жайласқан болып, усы жылдың 12-февраль күнги ҳалатына Қарақалпақстан Республикасындағы Исши топарға ҳәр қыйлы оқыў орынларына 340 ҳүжжет тапсырылды.

Оқыўды көшириў бойынша арзалар төмендеги талапларға тийкар қабылланады:

пуқараның турақлы жасаў мәнзили (жоқары оқыў орнының сыйымлылығы яки аймақтағы жоқары оқыў орынларында тийисли тараў бойынша бакалавриат тәлим бағдарлары болмаған жағдайларда басқа ўәлаяттағы жоқары оқыў орнына усыныс етилиўи мүмкин);

студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарының оқыўы көширилип атырған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкеслиги (бундай бағдар болмаған жағдайда түрлес екенлиги);

сырт елде студент оқып атырған бакалавриат тәлим бағдарларының айырмашлықларын инабатқа алған ҳалда оларды тийкарынан сыртқы ҳәм кешки тәлим түрлерине усыныс етиў;

студентлер оқыўын көшириўде Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бар имканиятлары (материаллық-техникалық база, яғный сменалы коэффициенти, профессор-оқытыўшылар менен тәмийинленгенлик дәрежеси ҳам басқалар) инабатқа алынады.

Пуқаралардан Аймақлық исши топарларға төмендегише ҳүжжетлерди усыныў талап етиледи:

арза (орнында толтырылады);

рейтинг дәптершеси яки академиялық мағлыўматнама (транскрипт) нусқасы;

паспорт нусқасы.

Сырт ел жоқары оқыў орынларынан студентлер оқыўын республика жоқары оқыў орынларына көшириў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын телефонлар:

61-223-60-51

61-223-59-30

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер