Таңлаўдың факультет басқышы өткерилди

Университетимиздиң Мәденият сарайында Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студент-қызлары арасында «Қәнекей қызлар» таңлаўы болып өтти.

Таңлаўға факультетте оқып атырған студент-қызлардан 8 қыз 4 шәрт бойынша өз ара беллести. Таңлаў студент-қызлардың өзин таныстырыўлары, китапханлық мәдениятын үгит-нәсиятлаў, аспазлық сырлары ҳәм шаңарақ жәмийеттиң бир тиреги екенлиги, және де, өз өнерлерин көрсетиў сыяқлы шәртлерден ибарат болды.

Таңлаўды әдил төрешилер қурамы баҳалап барды.

Таңлаў жуўмағында 1-курс студенти Пирназарова Улзипа жеңимпаз болып, университет басқышына жоллама алды.

Таңлаў жеңимпазларына диплом ҳәм «Ҳүрмет жарлық»лары менен бирге естелик саўғалары тапсырылды.

З.Жуманов,

Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары.

Пайдалы дереклер