ҚМУ студентлери Самарканд мәмлекетлик шет тиллер институтында тәлим алмақта

Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Самарканд мәмлекетлик шет тиллер институты ортасындағы өз-ара шәртнамаға көре университет ҳәм институт ортасында студентлер алмасыӯын жолға койыӯға, университетимиздиң Шет тиллер факультетиниң 7 студентине бәҳәрги бир оқыӯ семестр даӯамында Самарканд мәмлекетлиик шет тиллер институтында Мәмлекетлик тәлим стандартлары, қәнигелик талаплары ҳәм оқыӯ режелерине тийкарланып тәлим бағдарларына сәйкес оқыӯды шөлкемлестириӯге ҳәм өз-ара тәжрийбе алмасыӯға келисип алынды.

Усы жылдың 10-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен барған 7 студент Самарканд мәмлекетлиик шет тиллер институты ректоры И.М.Тохтасинов тәрепинен күтип алынды ҳәм студентлер менен өз-ара сәӯбет өткизилди.

Сәӯбетте институт ректоры барған студентлерге институт факультетлери, тәлим системасы, профессор-оқытыӯшылары ҳәм студентлери, оқыӯ процесси, студентлер турар жайы, тәлим алыӯға жаратылған имканиятлар, китапхана, компьютер ханалары ҳаққында мағлыӯматлар берди ҳәм студентлеримизге өз оқыӯларында табыслар тилеп қалды.

Абиш Мусаев,

 Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыӯшысы.

Пайдалы дереклер