БИРГЕ ИСЛЕСИЎ БОЙЫНША КЕЛИСИП АЛЫНДЫ

Усы жылдың 19-февраль күни ҚМУда АҚШтың Өзбекстандағы Халықаралық билимлендириў бойынша Америка Кеңеси ўәкиллери Уиллям Ораук, Шахноза Суярова ҳәм Бахром Туйчиевлар мийманда болды.

Мийманларды университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов, Халықаралық бирге ислесиў бөлими баслығы Ш.Шаниязов, Шет тиллери факультети деканы Дж.Қурбанбаевлар күтип алды ҳәм ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў даўамында  Өзбекстандағы Халықаралық билимлендириў бойынша Америка Кеңесиниң директоры Уиллям Ораук Қарақалпақстандағы тийкарғы таяныш жоқары оқыў орны есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен бирге ислесиўден мәпдар екенлигин айтып өтти.

Сондай-ақ, университет профессор-оқытыўшыларының кәсиплик тәжирийбесин арттырыў, билимлендириў процесине америкалы профессор-оқытыўшыларды тартыў, университетте инглис тилин оқытыўды материаллық ҳәм әмелий жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша бирге ислесиў бойынша усынысларын билдирди.

Ушырасыўда Өзбекстандағы Халықаралық билимлендириў бойынша Америка Кеңеси тәрепинен профессор-оқытыўшылардың кәсиплик шеберлиги арттырыўға бағдарланған «2020 Faculty Enrichment» бағдарламасы ҳаққында түсиник берилди.

Мийманларға университет ректоры атынан миннетдаршылық билдирилип, оларға естелик саўғалары тапсырылды ҳәм келешекте бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер