«Әтирапымыздың тазалығына өз үлесимизди қосамыз!»

Усы жылдың 25-26-февраль күнлери университетимиздиң Шет-тиллери факультети жаслар аўқамы жетекшиси, факультет студент-жаслары менен «Әтирабымыздың тазалығына өз үлесимизди қосамыз!» сүрени астында акция шөлкемлестирди.

Оған факультеттиң кеўилли жаслары қатнасып, факультет бинасы әтирапын ҳәр қыйлы шығындылардан тазалады .

Тиришиликтиң ояныў пасылы бәҳәр мәўсими де есик қағып келмекте. Солай екен, елеимиздиң абаданлығы, экологиямыздың тазалығы ушын бәршемиз бир болып, экологиялық акцияларға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Г.Тлеубаева,

Шет-тиллери факультети 103-топар студенти.

Пайдалы дереклер