Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасын және де кеңейттириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарарында белгиленген экономика тараўлары ҳәм тармақларының жоқары оқыў орынларындағы кадрлар таярлаў процессине қатнасын тәмийинлеў, олардың жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў мәселелери бойынша илаж шөлкемлестирилди.
Мәжлисти университеттиң Оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ашты ҳәм алып барды. Ол дәслеп өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары мазмуны ҳаққында түсиниклер берип өтти.
Буннан соң Химия-технология факультети деканы Б.Нурымбетов Химия технология ҳәм Санаат технологиясы факультетлеринде билим алып атырған қәнигеликлер питкериўши курс студентлери, олардың усы күнге шекем өткерген өндирислик ǝмелиятлары, сондай-ақ, жоқарыда келтирилген өндирис кǝрханалары менен алып барылған бирге ислесиў жумысларының барысы ҳаққында айтып өтти.
Буннан кейин Үстүрт газ-химия комплекси директоры Т.Жураевқа сөз берилди, ол өз сөзинде ҳәзирги ўақытта билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар ҳаққында, сондай-ақ, жасларға қаратылған итибардың мазмунына тоқталып өтип бундай имканиятлардан кең пайдаланыў керек екенлигин айрықша атап өтти. Және, Үстүрт газ-химия комплекси ҳаққында, ол жерде алып барылып атырған жумыслар, ислеп шығарылып атырылған өнимлер, жумысшыларға жаратылған шараятлар хаққында мағлыўматлар берди.
Илажда “Қарақалпақ цемент” ЖШЖ, “Нукустекстил” ЖШЖ, “Қоңырат сода заводы” ЖШЖ, “Нукусполимер” ЖШЖ келген ўәкиллер өзлериниң кǝрханалары ҳақкында мағлыўматлар менен таныстырып, бирге ислесиўде жасларға илим-изертлеў, әмелиятлар өтеўде кǝрханалар есиклери ашық екелигин атап өтти.
Ушырасыў даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлары менен қатнасып, тийисли жуўапларын алды.
И.Сапашов,
Нефть ҳәм газ технологиясы кафедрасының ассистенти.
