Бүгин университетимиздиң Санаат технологиясы факультети студент жаслары арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ушырасыў өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы аға инспекторы, капитан А.Тилеўмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги коррупцияға қарсы гүресиў бөлими хызметкери М.Сержанов, Нөкис қаласы Ишки ислер бөлими тергеў бөлими аға тергеўшиси, аға лейтенант Р.Турғанбаев, аймақлық профилактика инспекторлары капитан Т.Сабиров ҳәм аға лейтенант Ф.Юсупов, Нөкис қаласы Ишки ислер органлары паспорт бөлими паспортшысы С.Мамутов, «Нур» МПЖ Ҳаял-қызлар менен ислесиў қәнигеси М.Бердекеева ҳәм факультет студент-жаслары қатнасты.
Ушырасыўды факультеттиң илимий ислер бойынша декан орынбасары И.Сапашов ашып берди ҳәм алып барды.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар Президентимиз басшылығында мәмлекетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлықты сақлаў, түрли миллет ўәкиллериниң тыныш-татыў, бахытлы жасаўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
– Бүгинги күнде жаслар арасында жүз берип атырған жынаятлар тийкарынан жумыссызлық, ишиўшилик ҳәм материаллық жетиспеўшилик ақыбетинде жынаятлар келип шықпақта,-дейди капитан А.Тилеўмуратов. Ол жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың аўыр ақыбетлери ҳаққында турмыслық мысаллар менен студентлерге кең түрде түсиниклер берип өтти.
Сондай-ақ, бүгинги күнниң баслы машқаласы болған коррупция, бул иллет мәмлекет раўажланыўына тосқынлық қылыўшы, раўажланыўға кери тәсир етиўши иллет екенлиги ҳаққында айтып өтилди.
– Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, атап айтқанда 210, 211 ҳәм 212-статьяларда көрсетилгениндей коррупция қатнасыўшылары яғный, пара берген ҳәм пара алған шахслар 30 сутка ишинде айбына ықрар болып, қылған ислерине пушайманлығын билдирип тийисли органларға хабар берсе ол жазадан азат етиледи. Пара бериўши, пара алыўшы ҳәм олар ортасында дәлдәлшылық еткен шахс та коррупция қатнасыўшылары есапланады,-дейди М.Сержанов.
Ушырасыўда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Гөззал Жалгасова,
Санаат технологиясы факультети студенти.
