ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!

ҚМУ Ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Инжайым Сейтназарова көп жыллық нәтийжели мийнети ҳәм де өз хызмет ўазыйпасына болған садықлығы ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды ҳәм материаллық жақтан хошаметленди.

Биз де өз гезегинде университетимиздиң ҳаял-қызларының сәрдары И.Сейтназарованы байрам менен қутлықлап, алдағы ийгиликли жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер