Хабарыңыз бар, мәмлекетимизде карантин себепли 2020-жылдың 16-март сәнесинен баслап елимиздиң барлық оқыў орынлары тоқтатылып, студентлер ҳәм оқыўшылар дем алысқа жиберилди.
Усыған байланыслы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде коронавирус инфекциясының тарқалыўының алдын алыў илажларын көриў, жаслар ушын тийисли шараятларды жаратып бериў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Республикамыздың барлық районларынан, ўәлаятлардан келип оқып атырған студент-жаслар турақлы жасаў орынларына жиберилди. Бүгинги күнде олар менен топар басшылары турақлы түрде онлайн байланыслар орнатып, социаллық тармақларда арнаўлы топарлар шөлкемлестирип, аралықтан оқытыў ресурслары ҳаққында мағлыўматлар берип келмекте.
Бүгин ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов карантин дәўиринде турақлы жасаў мәнзиллерине кетиў илажы болмай университет студентлер турар жайында жасап атырған Түркменстан Республикасынан келип тәлим алып атырған студентлердиң жағдайларынан хабар алды.
Университет басшылығы тәрепинен оларға бир неше түрдеги азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, карантин дәўиринде инфекциядан қорғаныў ҳәм де оннан сақланыўды тәмийинлеў мақсетинде гигиеналық қураллар бийпул тарқатылды.
ҚМУ Баспасөз хызмети.

