Бүгин пүткил дүньяға қǝўип салып турған коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў, оннан халықты аман сақлап қалыў, унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў ҳǝр бир мǝмлекеттиң ең баслы машқаласы ҳǝм мақсети болып турыпты. Бул сынаўлы күнлердиң қыйыншылықларын жеңип өтиўде ҳǝр бир мǝмлекет бар имканиятларын салып, бир күш болып ҳǝрекет етпекте.
Тилекке қарсы, бул сынақ бизиң елимизди де шетлеп өтпеди. Деген менен өз тарийхы даўамында қаншадан-қанша қыйыншылықларды сабыр-тақат ҳǝм исеним күши арқалы жеңип келген халқымыз бул сынақларды да биргеликте жеңетуғынлығына ийманымыз кǝмил.
Пандемия себепли жǝрияланған карантин пайытында халықты азық-аўқат, дǝри-дǝрманлар менен тǝмийинлеў – ең баслы мǝселелерден саналады. Сонлықтан да, ҳүрметли Президентимиз халқымыздың тарийхый ҳǝм руўхый қǝдриятларын, меҳир-мүриўбет, баўырманлық, сақаўатлылық, инсанийлық сыяқлы уллы пазыйлетлерин инабатқа алған ҳалда «Сақаўат ҳǝм көмек» улыўмахалықлық ҳǝрекетин шөлкемлестириў басламасын илгери сүрди.
Əлбетте, бул басламаны халқымыз көтериӊки руўх ҳǝм терең миннетдаршылық пенен қарсы алды. Ɵйткени, бүгингидей сынаўлы күнлерде бир биримизге ғамхор ҳǝм сүйениш болыўымыз инсанийлықтың ең уллы үлгиси болып, кеўиллерде исеним ҳǝм қǝтержамлықты асырады.
Жамғарма қаржылары коронавирус пандемиясы ҳǝм карантин дǝўиринде социаллық жǝрдемге мүтǝж, көп балалы шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға ҳǝм жалғыз баслы қарияларға, өз дǝраматын жоғалтқан ўақтынша жумыссыз болған шахсларға пуллай, күнделикли тутыныў товарлары, дǝри-дǝрмақлар ҳǝм басқа да зǝрүрли нǝрселер менен тǝмийинлеў ушын жумсалады.
«Сақаўат ҳǝм көмек» улыўмахалықлық ҳǝрекети мǝмлекетимиз ҳǝм халқымыз қүдиретиниң ǝмелий көриниси болады. Бундай қайырлы ислердиң сабыр-қәнәәт, меҳир-мүриўбет, қайыр-сақаўат айы болған Рамазан күнлеринде ǝмелге асырылыўында да үлкен мǝни бар. Инсан мǝплери ҳǝмме нǝрседен үстин, деген идеяны өзинде жǝмлеген усы сыяқлы қайырлы ислердиң көлеми мүбǝрек Рамазан айына үнлес ҳалда кеңейип бармақта. Мǝмлекетимизде инсанийлық, сақыйлық, мийрим-шǝпәәт ҳǝм өз-ара қалыс жǝрдем сыяқлы идеяларға қаратылған улыўмахалықлық ҳǝрекетлери бүгин бǝршемизди бир мақсет жолында, яғный коронавирусты бир күш болып жеңиў, халқымыздың саламатлығын сақлаў ҳǝм саламат турмысымызға қайтыў жолында бирлигимизди жǝне де күшейтпекте.
Калом илиминиң султаны Имам Мотрудийдиң инсанның ылайықлы турмыс кешириўинде сақаўатлылықтың ǝҳмийети ҳаққында «Журт абат, халық абадан болыўын қǝлесең сақаўатлы ҳǝм ашық қол бол», деген дана үгитлери белгили.
Жақсылықтың шегарасы болмайды. Меҳирге, қоллап-қуўатлаўға мүтǝж инсанлардың ҳалынан хабар алыў да жақсылық. Ҳүрметли Президентимиз “Мен, мине усы басламаны шын кеўилден қоллап-қуўатлап, бул саўаплы иске минǝсип үлес қосып атырған бǝрше ўатанласларымызға, сақаўатлы исбилерменлеримизге мүқǝддес китапларымызда айтылған: “Жақсылықтың сыйы – тек жақсылықдур”, деген гǝпти жǝне бир мǝрте еслетпекшимен ”, деп бундай қайырлы ислердиң ǝҳмийетин уқтырады.
Елимиз бойлап жолға шыққан уллы кǝрўан – «Сақаўат ҳǝм көмек» кǝрўанына ылайықлы үлес қосыўды өзиниң азаматлық парызы деп билген исбилерменлерге, өз нǝўбетинде, мǝмлекетимиз тǝрепинен лизинг, кредит, салық төлемлери, зǝрүрли ресурслар менен тǝмийинлеў бойынша жеңилликлер ҳǝм преференциялар бериледи. Кеңпейил, мүриўбетли ҳǝм қыйын күнлерде халқымызға мǝдет болып атырған исбилерменлерди мǝмлекетимиз тǝрепинен бундай қоллап-қуўатлаўлар карантин шеклеўлеринен кейинги қыйыншылықларды жеңип өтиўде үлкен жǝрдем болыўы сөзсиз.
«Сақаўат ҳǝм көмек» улыўмахалықлық ҳǝрекети даўамында имканияттан келип шығып жумыссыз пуқараларымызды жумыс пенен тǝмийинлеў ислери де ǝмелге асырылмақта. Кем тǝмийинленген инсанлар ҳǝм шаңарақларға меҳир ҳǝм ҳүрмет пенен жǝрдем қолын созып атырған исбилерменлер, фермерлер, министрликлер, мекеме ҳǝм шөлкемлердиң исши-хызметкерлери ҳǝм усындай қайырлы ислерге өз үлесин қосып атырған ҳǝр бир инсанның бүгинги хызметлери үлкен саўаплы ис ҳǝм де ўатансүйиўшиликтиң үлгисидур.
Инсанларды жақсылыққа үндеў, қайырлы ислерде бирлестириў де уллы сақаўат саналады. Бундай уллы ислерди ислеўге ҳǝммемиз минǝсиппиз. Сонлықтан да, уллы елдиң перзентлери сыпатында уллы ислерге өз үлеслеримизди қосайық.
А. Байрыева,
ҚМУ Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары
ҳǝм ҳуқық тǝлими кафедрасыныӊ баслығы.