Әзиз дослар!
Хабарыңыз бар, бир ай алдын «Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым» атамасында онлайн дөретиўшилик таңлаўы ҳақкында Karsu.uz сайтында жәриялаған едик.
Таңлаў 4 номинация бойынша өткерилип студентлер тәрепинен номинациялар бойынша эссе, қосық, сызған сүўретлери ҳәм мақалалары келип түсти ҳәм таңлаў қатнасыўшыларының дөретиўшиликлерин ҳәм видео көринислерин @qmu_manawiyat-tanlawlar каналында жайластырылып барылды.
Таңлаўда белсене қатнасып, өз эссе, қосық, сызған сүўретлери ҳәм мақалаларын жиберген барлық студентлер университетимиздиң ең билимли, ең дөретиўши, ең ғайратлы студентлери болып есапланады.
Мине, усындай студент-жаслар менен ислесип, олардың ҳәр тәреплеме жетик ҳәм билимли болыўында пидәйы мийнет етип атырған факультет деканаты ҳәм устазларына шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз!
Соны да айтыўымыз керек таңлаўға усынылған ҳәр бир дөретиўшилик мийнетлери өз алдына мақтаўға ылайық.
Биз Ана-Ўатанымыздың усындай жасларына алдағы ислеринде ҳәм оқыўларында үлкен табыслар тилеймиз!
Таңлаў жеңимпазлары:
- «Ең жақсы қосық» номинациясы бойынша:
1-орын Қосымбетова Айгүл – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти,
2-орын Балтабаева Наргиза – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти,
3-орын Қартбаева Мехрибан – Шет тиллери факультети 1-курс студенти.
- «Ең жаксы эссе» номинациясы бойынша:
1-орын Дабылов Азизбек – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студенти,
2-орын Латипов Әдилбек – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 2-курс студенти,
3-орын Қазақбаева Надыра – Шет тиллери факультети 3-курс студенти.
- «Ўатан сағыншы» сүўретлеў-өнери номинациясы бойынша:
1-орын Мнажатдинова Макария – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 3-курс студенти,
2-орын Шамуратова Айжамал – Шет тиллери факультети 1-курс студенти,
3-орын Сейтмамбетова Дилафруз – Тарийх факультети 1-курс студенти.
- «Ең жақсы мақала» номинациясы бойынша:
1-орын Юсуфова Дилрабо – Өзбек филологиясы факультети 4-курс студенти,
2-орын Дабылов Азизбек – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 1-курс студенти,
3-орын Мамедов Абдулла – Тарийх факультети 4-курс студенти.
Таңлаў женимпазларының дөретиўшилик жумыслары karsu.uz сайтында жәрияланып барылады.