Японияның Сизенкан университети магистратурада оқыў ушын стипендия бағдарламасын жәриялайды. Стипендия талабанның қәбилетинен келип шыққан ҳалда толық ямаса толық емес түрде төленеди. Қатнасыўды қәлеўшилер өз бетинше Сизенкан университети менен admission@shizenkan.ac.jp э-почтасы арқалы байланысыўы мүмкин. Сизенкан университетиниң қабыллаў тәртибине көре, барлық қызығыўшы талабанлар онлайн түрде анкетаны толтырып жибериўи ҳәм ҳүжжет толтырыўдың кейинги басқышларын әмелге асырыўы зәрүр.
Халықаралық бирге ислесиў бөлими.