Ҳәзирги дәўирде дүнья жүзинде коронавирусқа қарсы гүресип атырған бир дәўирде, бизиң университетимиздиң студентлери билим алыўды онлайн тәризинде даўам еттирип келмекте. Әлбетте, ўатанымыздың ертеңги күни болған биз жаслар ҳәр қандай шәраятта да билим алыўды тоқтатпаўымыз лазым. Себеби, бул теберик топырақтан Хорезмий, Беруний, Ибн Синалар жетилисип шыққан.
Университетимизде усы жылдыӊ 29-май сәнесинде «Биз уллы ойшыллар әўладларымыз» атамасында онлайн конференциясы болып өтти. Конференцияны университетимиздиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры ў.ў.а И.Жуманиязов ашып берди ҳәм конференцияның өткерилиўи, жасларымыздың илим ийелеўи ҳәм ата-бабаларымыз мийрасларын тереңнен үйрениў бойынша баҳалы пикирлерин билдирип өтти. Конференция даўамында Тарийх факультети Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары И.Елмуратов шығып сөйлеп, конференцияның мақсети, оның пандемия ўақтында жасларымыздың санасына тереңнен жетип барыўы, конференцияда исленетуғын баянатлардың бағдары ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.
Бир қатар студентлер уллы ойшылларымыздың өмир жолы ҳәм дөретиўшилигин өз ишине қамтыған баянатлар жасады. Солардан тарийх қәнигелиги 2-курс студенти Юлдашев Юнус «Жәҳән тән алған Ибн Сино әўладларымыз», 1-курс тарийх қәнигелиги студенти Зарипов Асылбек «Дүнья илиминде Әл-Берунийдиң тутқан орны», 3-курс тарийх қәнигелиги студенти Тайров Турғанбай «Амир Темур – уллы искер, әдил жолбасшы», 4-курс философия қәнигелиги студенти Ибрагимов Темур «Бердақ шығармаларында қарақалпақлардың өзине тәнликлериниң көриниўи», 2-курс тарийх қәнигелиги студенти Ерханов Бегзад «Нәжим Дәўқараевтың мийнет жолы жаслар итибарында», 4-курс студенти Надирбеков Султанбек «Марат Нурмухаммедов илим жолында пидайы алым» атамаларындағы таярлаған баянатларын оқыды. Баянатларда бир қатар қызықлы ҳәм де итибарға ылайық жаңа мағлыўматлар бар болып, булар конференция қатнасыўшылары тәрепинен унамлы баҳаланды. Конференция жуўмағында университетимиздиң бир қатар профессор-оқытыўшылары конференция ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.
Бундай конференциялар өткериў студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы сарплаўына хызмет қылыўы менен бирге олардың билим шеңберин кеңейтеди ҳәм әлбетте, жаслардың кеўлинде ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтеди.
Султанбек Надирбеков,
Тарийх қәнигелиги 4-курс студенти.
